баннер
16 Apr 2025
10:59

    Жойбар шеңберинде бир қатар илажлар болып өтти

    Елликқала районы “Пахтачи” мәкан пуқаралар жыйынында “Мәҳәлледе бир күн” жойбары шеңберинде бир қатар илажлар өткерилди.

    Онда бир топар мәҳәлле ҳаял-қызлары, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары белсене қатнасты, – деп мағлыўмат береди Төрткүл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

    Дәслеп жойбар қатнасыўшылары “Бес мың қәдем” жүриў марафоны ҳәм азанғы дене тәрбия шынығыўларын өткерди. МПЖ имаратында мәҳәлледеги үлгили шаңарақ ўәкиллери менен сәўбет, “Инсан социаллық хызметлер орайы,” ишки ислер уйымлары ўәкиллери тәрепинен мәҳәлледеги машқалалы ҳәм қорғаў ордерин алған ҳаял-қызлар менен өз-ара сәўбет өткерилди.

    Әдиллик, ПҲАЖ, юристлер, психологлар тәрепинен жас шаңарақларды шаңарақлық турмысқа таярлаў бойынша оқыў семинарлары шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар семинар даўамында өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден жуўап алды.

    Сондай-ақ, халық арасында руўхый-ағартыўшылық орталықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, халықты саламат турмыс тәризине тартыў бойынша шөлкем басшылары тәрепинен ҳаял-қызлар менен дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилип, мәҳәлледеги ҳаял-қызлар медициналық тексериўден өткерилди.

    Жойбар шеңберинде ҳаял-қызларды китапқумарлыққа тартыў, өнерментлер көргизбеси, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилип, банк хызметкерлери тәрепинен жеңиллетилген кредитлер, субсидиялар алыў тәртиплери ҳаял-қызларға түсиндирилди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech