2020-жылы коронавирус пандемиясы дүньяны өрмекшиниң аўындай орап алған бир ўақытта көплеген мәмлекетлер қатарында елимизде де мүтәж, экономикалық шараяты аўыр шаңарақларға нақ пул көринисинде материаллық жәрдем берилди. Бул әмелият кейин де түрли көринислерде даўам етти. Еки жылдан берли халықтың мүтәж қатламына гүзги-қысқы мәўсимде энергия төлемин төлеў ушын берилип атырған бир мәртелик материаллық жәрдем пулы усылардың қатарына киреди. Атап айтқанда, 2024-жылы 270 мың сумнан материаллық жәрдем ажыратылған. Бул мәўсимде болса жәрдем пулы өткен жылғыға салыстырғанда төрт есеге арттырылды.

Президентимиздиң 2025-жыл 2-апрельдеги "Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўде жәрдемге мүтәж халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, ҳәзирги ўақытта 2025-2026-жыл жылытыў мәўсиминде халықтың жәрдемге мүтәж қатламына 1 миллион сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем төлеў процеси даўам етпекте.

Гүз-қыс мәўсиминде жаўын-шашын болыўы, ҳаўа температурасының төменлеўи себепли ўатанласларымыз электр энергиясы, газ ҳәм басқа да энергия өнимлеринен әдеттегиден көбирек пайдаланады. Тәбийғый, бул төлемниң артыўына да себеп болады. Буннан тысқары, қалың кийим-кеншек сатып алыў ҳәм басқа да қәрежетлер де жәрдемге мүтәж шаңарақларды қыйын жағдайға салыўы мүмкин. Мине, усындай жағдайда мәмлекет ажыратып атырған қаржы көпшиликке пайдасы тийеди.

- Бул жәрдем пулы, биринши гезекте, Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ямаса Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген 822 мың адамға бериледи, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси Мадина Азизова. - Сондай-ақ, "мәҳәлле жетилиги" жуўмағына бола, халықтың ҳәр қыйлы қатламларына, соның ишинде, кәмбағаллыққа қайта түсиў итималы жоқары және бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар, кекселер, майыплығы барлар ҳәм аўыр наўқаслар жасайтуғын шаңарақларға бериледи. Дизимге газ тәмийнаты жоқ 2000 нан аслам көп қабатлы турақ жайда жасайтуғынлар ҳәм бир квартирада үш ҳәм оннан артық шаңарақ болып жасайтуғын 26 мың шаңарақ та киргизилген. Материаллық жәрдем пулын бериўде халық арасында тек ғана напақа ямаса пенсия есабынан жасайтуғынлар, жәрдемге мүтәж ҳәм шаңарақ бағыўшысы сырт елде ислеп атырғанлардың социаллық жағдайы да есапқа алынды. Нәтийжеде бир мәртелик материаллық жәрдем төлеў ушын 1,2 триллион сумлық электрон төлем дизими қәлиплестирилди.

Усы жерде сораў туўылады: бул қаржы ҳақыйқый мүтәж ўатанласларымыздың қолына жетип бармақта ма? Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ямаса Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилгенлер онлайн анықланады. Бирақ "мәҳәлле жетилиги" жуўмағына бола, қалған 287 мың мүтәжди анықлаўда әдиллик принциплери, ашық-айдынлық қалай тәмийинленбекте?

- Дизимди қәлиплестириўде заманагөй технологиялар, санластырылған мағлыўматлардан үнемли пайдаланылды. Нәтийжеде материаллық жәрдем шын мәнисинде мүтәжлерге жетип барыўы, әдиллик принциплери тийкарында бөлистирилиўи ушын зәрүр жумыслар орынланды, - дейди Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районындағы Янгиобод мәҳәллесиниң баслығы Манзура Валиева. - Шешим бериўден алдын ҳәр бир шаңарақтың мүлк, турақ жай ҳәм автотранспорт қуралы бар екенлиги арнаўлы "скоринг" системасы арқалы анықланды. Бирақ мәҳәллеге жәрдем пулын сорап келген жерлеслеримиз арасында мүлкин басқа биреўдиң атына рәсмийлестирип алғанлар ушырасты. Бундай жағдайларда "мәҳәлле жетилиги"ниң қадағалаўы қолайлы болмақта. Бир ғана мысал: жақында өмирлик жолдасы сырт елде болған мәҳәллелеслеримизден бири материаллық жәрдем сорап мүрәжат етти. Бирақ бақлаў ҳәм тексериўлерге бола, шаңарақтың 2 автомашинасы ҳәм және қосымша еки үйи бар екенлиги мәлим болды. Усы мағлыўматқа ийе екенимизди еситкеннен соң кеширим сорап, надурыс ислегенин түсинип жетти. Аўа, мүтәжлер қалып, алғырлық етиўге урыныўшылар да ушырасып турады. "Мәҳәлле жетилиги" бундай жағдайларды толық үйренип, пуқаралар арасында тийисли түсиниклер өткермекте. Белсендилеримиздиң ҳәрекети менен материаллық жәрдемге ҳақыйқый мүтәж болған 41 шаңараққа усы жәрдем пулы жеткерилди. Мәҳәлле белсендилери ҳәм аймақлардағы "Инсан" социаллық хызметлериниң хызметкерлери дизимди қәлиплестириў ҳәм қаржыны ийелерине жеткериў процесинде ақшаның өзинен де қымбатлы усыныслар бермекте. Энергия үнемлеўши турмыслық техника қураллары ҳәм "жасыл энергия" технологияларының пайдасы ҳаққында үгит-нәсиятлаў материаллары тарқатылып атырғаны усылардың қатарына киреди.

Материаллық жәрдем суммасы бийкарға 1 миллион сум етип белгиленбеген. Таллаўларға бола, 2024-2025-жыл жылытыў мәўсиминде мүтәж шаңарақлар орташа 254 киловатт электр ҳәм 514 куб тәбийғый газ пайдаланған. Тарифлердиң артыўы нәтийжесинде олардың қәрежети усы мәўсимде шама менен 815 мың сумға артады. Төлениўи нәзерде тутылған материаллық жәрдем бул қәрежетти толық қаплайды.

Жәрдем пулы халыққа ноябрь айы даўамында жеткерип берилиўи мөлшерленген. Қаржы коммерциялық банклер менен биргеликте жәрдемге мүтәж шаңарақлардың пластик картасына электрон өткерип берилмекте. Буның имканияты болмаған жағдайларда көшпели кассалар арқалы квартира ийесине нақ түрде берилип атыр.

- Банктиң көшпели кассасы ҳәм мәҳәлле белсендилери үйимизге келип, 1 миллион сум материаллық жәрдем пулын берип кетти, - дейди қашқадәрьялы Дилдора Маҳмараимова. - Өмирлик жолдасым жумыс ислеў ушын сырт елге кеткен. Усы күнлерде ҳаўа температурасы әдеўир төменлеп кетти. Бизлер болса еле балаларымызға қалың кийимлер алып бере алмаған едик. Жәрдем пулына оларға ыссылық сақлаўшы кийим-кеншек алдым. Енди өмирлик жолдасым пул жиберсе, электр энергиясы, газ төлемлерин төлеймиз. Мәҳәлле белсендилери күнде жағдайымыздан хабар алып турады. Мәмлекет берип атырған жеңилликлер ҳәм имканиятлар аўырымызды жеңиллетип атыр.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың жасаў шараятын және де жақсылаўға айрықша итибар қаратылған. Артқа қайтпайтуғын түпкиликли реформалар мәнисинде де усы ийгиликли идея тур. Әсиресе, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўдың ҳәр қандай усылы ҳәм түри турмысқа енгизилмекте. Жәрдемге мүтәж ўатанласларымыз болса берилип атырған жеңиллик ҳәм хошаметлеўден ақылға уғрас пайдаланып, дәраматы, жасаў шараятын және де жақсыласа, тийкарғы мақсетке ерисилген болады.

Санжар ЭШМУРОДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы