"Ташкент - Бухара - Ташкент" жөнелиси бойынша қосымша поездлар 19, 23 ҳәм 24-март күнлери ҳәрекетленеди.

Кестеден белгили болыўынша, Ташкент орайлық вокзалынан саат 06:10 да, Бухара вокзалынан саат 18:08 де 778-санлы поездлардың жолға шығыўы белгиленген.

Сондай-ақ, 20, 21 ҳәм 22-март күнлери "Ташкент - Самарқанд - Ташкент" жөнелисинде қосымша "Афросиёб" поездлары қатнайды.

Самарқанд вокзалынан 775-санлы поезд саат 10:55те, Ташкент орайлық вокзалынан 776-санлы поезд саат 13:56те жолға шығыўы белгиленген.

Билетлерди «O‘zbekiston temir yo‘llari» компаниясының рәсмий веб-сайты ҳәм мобил қосымшасында, сондай-ақ, темир жол кассаларынан сатып алыў мүмкин.

Жолаўшыларға саяхатын алдыннан режелестирип, дем алыс күнлерин қолайлы өткериў усыныс етиледи.