Кадастр паспортларын бериў мүддетлери создырылды

    4 маусым 2025 1089

    Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстан Республикасының өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызамын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

    Қарарға бола, Көшпес мүлк объектине кадастр паспортын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентине өзгерислер киргизилди ҳәм паспортты таярлаў мүддети созылды.

    Атап айтқанда, ол объекттиң қурамалылығына қарап:

    көп квартиралы турақ жайлардағы квартиралар ушын - 5 жумыс күнине шекем (алдын 3 жумыс күнине шекем еди);

    жеке тәртиптеги турақ жай ушын - 8 жумыс күнине шекемги мүддетте таярланады (алдын 5 жумыс күнине шекем еди).

    Көшпес мүлк объектлериниң жасаў ушын мөлшерленбеген бөлеги ҳәм улыўма көп квартиралы турақ жай бойынша:

    улыўма майданы 100 кв. метрге шекем - 8 жумыс күни;

    100 ден 1000 кв. метрге шекем - 10 жумыс күнине шекем;

    1000 нан 5 000 кв. метрге шекем - 15 жумыс күнине шекем;

    5000 нан 15 000 кв. метрге шекем - 20 жумыс күнине шекем;

    15000 нан 50 000 кв. метрге шекем - 26 жумыс күнине шекем;

    50 000 кв. метрден артық болғанда - 35 жумыс күнине шекемги мүддетте таярланады.

    Көп жыллық тереклер жайласқан жер участкасы бойынша төмендеги мүддетлерде таярланады:

    улыўма майданы 1 гектарға шекем - 15 жумыс күнине шекем;

    улыўма майданы 1 гектардан 5 гектарға шекем - 20 жумыс күнине шекем;

    улыўма майданы 5 гектардан 10 гектарға шекем - 26 жумыс күнине шекем;

    улыўма майданы 10 гектардан 100 гектарға шекем - 35 жумыс күнине шекем;

    улыўма майданы 100 гектардан артық - 40 жумыс күнине шекем.

    Министрлер Кабинетиниң қарарында белгиленгениндей, Кадастр агентлиги тийислисинше ижара ҳәм мүлк ҳуқықын тән алыў мақсетинде көрип шығылып атырған жер участкасының, имарат ҳәм объекттиң электрон жыйнақ ҳүжжетлерин усы жер участкасы имаратлар ҳәм объектлер менен бәнт болған жағдайда ғана автоматластырылған мәлимлеме системасына жайластырады. Бунда жер участкасының шегарасы көшпес мүлк объектине кириў бөлиминен баслап анықланады.