Соның ушын ата-аналар балаларды мәўсимлик кеселликлерден абайлылық пенен қорғаўы әҳмийетли саналады.

Демек, нелерге итибар бериў керек?

Бул сораўға медицина илимлериниң докторы, профессор Фурқат Шамсиев толық жуўап берди.

Қәнигениң атап өтиўинше, гүз ҳәм қыс айлары грипп ҳәм өткир респиратор вируслы инфекциялардың тарқалыў қәўпи жоқары дәўир есапланады. Балалар арасында көбинесе дем алыў жоллары кеселликлери бақланады, бул суўық ҳәм ызғарлы ҳаўада иммунитеттиң төменлеўи менен байланыслы.

Профилактиканың тийкарғы қағыйдалары.

Инфекция жуғыў қәўпин азайтыў ушын ата-аналар балаларды жеке гигиенаның әпиўайы қағыйдаларына үйретиўи керек:

қолларды турақлы түрде сабынлап жуўыў яки антисептиктен пайдаланыў;

бетке қол тийгизбеў;

жайларды турақлы самаллатып турыў;

жөтелгенде ямаса түшкиргенде аўыз ҳәм мурынды салфетка ямаса шығанақты бүгип жабыў;

аязлаўдың биринши белгилеринде баланы үйде қалдырыў, мектепке ямаса бақшаға жибермеў.

Балалардың температурасы көтерилгенде нелерди есапқа алыў керек?

Тамаққа 38°С дан төмен температурада йод ямаса көк шөплер жағыў усыныс етилмейди - жас балаларда дем алыў жолларының силекей қабаты жүдә нәзик болады ҳәм қосымша асқыныўы мүмкин.

Ыссылықты түсириўши дәрилерди тек ғана зәрүр жағдайларда бериў керек. Оларды көп қолланыў тәбийий терморегуляцияны бузады.

Аллергиялық жөтел, дем қысылыў, жоқары дем алыў жоллары исиниўи менен аўырған балалардың түтинли ҳәм өте ыссы бөлмеде болыўы мүмкин емес, себеби бул спазмларды күшейттирип, жөтелди пайда етеди.

Аязлаў ўақтында төмендегилерди тәмийинлеў керек:

суйықлықтың жетерли муғдардағы сарпланыўы;

тең салмақлы аўқатланыў;

баланың жағдайы бойынша орташа физикалық ҳәрекет;

созылмалы инфекция ошақларын өз ўақтында емлеў.

Иммунитетти беккемлеў ушын балаларға төмендегилер усыныс етиледи:

D витамини (мисалы, Аквадетрим);

аскорбин кислота;

цинк ҳәм селен;

анемияда - темир препаратлары.

Қорғаныўдың әҳмийетли илажы - вакцинация

Мәўсимлик вируслы кеселликлердиң алдын алыўда вакцинация ең нәтийжели усыллардан бири болып қалмақта. Гүз-қыс мәўсими шаншыў ушын ең қолайлы ўақыт болып, кеселликтиң асқыныў ҳәм аўыр өтиў қәўпин сезилерли дәрежеде азайтыў имканиятын береди.

Профилактика ҳаққында ғамхорлық жылдың суўық мәўсиминде балалардың денсаўлығын сақлаў ҳәм олардың аязлаў мәўсимин қәўипсиз өткериўин тәмийинлеўдиң ең жақсы жолы болып есапланады.