Сентябрь айының климат өзгешеликлери.
Көп жыллық бақлаўлар нәтийжелерине бола, сентябрь айының биринши ярымында республика аймағы бойынша күндизги орташа ҳаўаның температурасы 30-33°С, екинши ярымында 26-29°С, ең ыссы күнлерде 35-37°С, қублада 39-40°С ға шекем жылыўы мүмкин. Абсолют максимумлар 41-43°С ға жетеди.
Ташкент қаласында метеорологиялық бақлаўлар тарийхында ең ыссы сентябрь күни 2013-жыл 25-сентябрьде 40,0°С қа шекем көтерилген.
Сентябрь айында ҳаўа-райының сезилерли дәрежеде салқынласыўы аз ушырасады ҳәм, әдетте, қысқа мүддетли болады. Айырым жыллары арқа аймақларда ҳәм айырым шөл аймақларында ҳәттеки ерте гүзги суўықлар да бақланған.
Ең суўық сентябрь айлары 1930, 1931, 1992 ҳәм 1994-жылларда болып, бул айларда температура нормадан 2-3,5°С ға төмен болған. Ең ыссы айлар 2013, 2016, 2021 ҳәм 2022-жыллар болып, орташа көрсеткишлер нормаға салыстырғанда 1,5-3,5 дәрежеге жоқары болған, бул болса глобал ысыўдың улыўма глобал тенденциясына сәйкес келеди.
Сентябрдеги жаўын-шашын
Сентябрь айы Өзбекстанда жылдың ең қурғақ айларының бири. Бир айда орташа 1-3 мәрте жаўын жаўады. Олардың саны тегисликлерде тек 1-5 мм, таў етеклеринде 6-10 мм, таўлы аймақларда 15-30 мм ге шекем жетеди.
2007, 2021 ҳәм 2022-жылларда улыўма жаўын-шашын болмаған жыллар да болған. Бирақ, гейде аномал күшли жаўын жаўып турған. Мәселен, 1969-жылы сентябрьде Хийўада бир күнде 21 мм, айлық нормада 2 мм жаўын жаўған болса, 2016-жылы Нөкисте бир суткада 30 мм, нормада 3 мм жаўын жаўған.
2025-жыл сентябрь айына болжаў
Метеорологлардың мағлыўматларына бола, 2025-жылдың сентябрь айы ыссы ҳәм улыўма қолайлы болыўы күтилмекте.
Айдың биринши он күнлиги: аз бултлы ҳәм қурғақ ҳаўа райы, қолайлы температура. Түнде ҳәм азанда -15-20 гр жыллы, күндиз -30-35 гр жыллы, айырым күнлери -37 гр жыллы.
Екинши ҳәм үшинши он күнликлер: температураның әсте-ақырын пәсейиўи. Түнги ўақытлары 8-13 гр жыллы, күндиз 20-25 гр жыллы, айырым күнлери 30-35 гр жыллы.
Орташа айлық температура норма әтирапында, айырым жерлерде 1-1,5°С қа жоқары болыўы күтиледи.
Жаўын-шашын: тек ғана айдың екинши ярымында қысқа мүддетли жаўын-шашын болыўы мүмкин (1-2 күн).
Усы тәризде, 2025-жылдың сентябрь айы Өзбекстанда "мақпал мәўсим" статусын сақлап қалады. Елимиз халқы ҳәм мийманларын, тийкарынан, қуяшлы ҳәм қурғақ ҳаўа-райы, қолайлы температура ҳәм сийрек жаўын-шашын күтип турады. Бул ай күнделикли турмысымыз ҳәм мәмлекетимиз бойлап саяхатларымыз ушын қолайлы ай болады.