Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Кәмбағал шаңарақларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-84-санлы, 08.05.2025 ж.) қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, 2025-жыл 15-майдан Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген ҳәм усы реестрге түсиў қәўпи болған шаңарақлар "қызыл", "сары" ҳәм "жасыл" категорияларға бөлинеди ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары олардың категориясына қарап көрсетиледи.

"Қызыл" категорияға - шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине туўра келетуғын орташа айлық дәраматы минимал тутыныў қәрежетлеринен аз болған ҳәм төмендеги нормалардың бирине жуўап беретуғын шаңарақлар киргизиледи:

ағзаларының кеминде биреўи денсаўлығының жағдайына байланыслы мийнет етиў имканиятына ийе болмаған;

күтимге мүтәж ағзасы, соның ишинде майыплығы бар перзенти болған;

басқалардың күтимине мүтәж жалғыз жасаўшы ямаса жалғыз кексе ямаса жалғыз майыплығы болған шахстан ибарат болған;

бағыўшысын жоғалтқан яки бағыўшысы жазаны орынлаў мәкемесинде болған шаңарақ;

"Сары" категорияға - шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине туўра келетуғын орташа айлық дәраматы минимал тутыныў қәрежетлеринен аз болған ҳәм ағзаларының денсаўлығының жағдайына бола мийнет етиў имканиятына ийе болған шаңарақлар киргизиледи.

"Жасыл" категорияға - шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине туўра келетуғын орташа айлық дәраматы минимал тутыныў қәрежетлериниң 1 есесинен 1,5 есесине шекем болған ҳәм төмендеги нормалардың бирине жуўап беретуғын шаңарақлар киргизиледи:

шаңарақ "қызыл" ямаса "сары" категориядан шығарылған болса;

шаңарақтың Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилиўи итималы жоқары болса.