Ҳүжжетке муўапық, Мүбәрек районы "Кончилар" МПЖ аймағындағы 200 гектар жер майданында "Мүбәрек инновациялық санаат зонасы" арнаўлы экономикалық зонасы шөлкемлестириледи.
Шырақшы районындағы "Соҳил бўйи" комплексин раўажландырыў ҳәм басқарыў бойынша ўазыйпа ҳәм функциялар Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги жанындағы Қашқадәрья ўәлаяты туризм инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм басқарыў департаментине жүкленеди.
Шаҳрисабз районында "Қува агро стар", Қамашы районында "Янгийўл агро стар", Көкдала районында "Мирзачўл агростар" ҳәм Ғузор районында "Навоий агростар" ЖШЖлардың жойбарлаў офислери шөлкемлестириледи.
Қашқадәрья ўәлаятында 15 мың гектар жерде шарўашылық ушын азықлық базасы жетистириледи, соннан 5,2 мың гектары 2026-жылы өзлестириледи.
2026-жыл даўамында мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 80 проценттен төмен болған 12 районда 350 мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми шөлкемлестириледи.
120 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бир жыллық мектепке таярлаў топарларын шөлкемлестириў ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинленеди.
Германия Федеративлик Республикасы менен биргеликте 2026-жылдан баслап немис тили ҳәм кәсип-өнерлерге оқытыў арқалы жасларды шөлкемлескен мийнет миграциясы шеңберинде Европа мәмлекетлерине жибериў бағдарламасы әмелге асырылады.