Мажилисте кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, соның менен бирге, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды. Сондай-ақ, мәҳәллелерде пуқаралардың дәраматын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылатуғынлығы, аўыр шараяттағы «Айдын жол» ҳәм «Дослық» мәҳәллелерин абат етиў ушын ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ҳәр бирине 3 млрд. сумнан қаржы ажыратылғаны Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша атап өтилди. Буннан тысқары «Абат шаңарақ – абат көше – абат мәҳәлле» өлшеми тийкарында аўыр шараяттағы мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгиленип берилген еди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында топырақ жолларды қум-шағыл тас араласпалы жолларға айландырыў, кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бағдарындағы әмелий жумыслар баслап жиберилди. Усы жылдың өзинде райондағы жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайы менен халықты қыйнап келген жәми 31 км топырақ жоллар қум-шағыл тас араласпалы жолларға айландырылыўы режелестирилгенлигин атап өтиў орынлы. Бул жумысларды әмелге асырыўға арнаўлы техникалар, районлық мәкеме-шөлкемлер менен бирге Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери де тартылған.
Буннан тысқары, Министрлер Кабинетиниң 52-санлы қарары тийкарында 79 жайдың төбеси шиферланыўы, авариялық жағдайдағы 26 турақ жай жаңадан қурылыўы белгиленген. Халықаралық қаржылар тийкарында 5 мектепке шекемги, 2 мектеп, 2 мәҳәлле имараты жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылады. Жоқарғы Кеңес Баслығы тараў басшылары ҳәм жуўапкерлер менен ушырасыўда Тақыятас районында басланған үлкен ҳәрекет шеңберинде мәҳәллелер ҳәм аўыллардың ишки хожалық жолларын оңлаў ушын арнаўлы қум-шағыл тас араласпасы алып келинип атырғаны ҳәм бул бойынша жумыслар имканият дәрежесинде кең көлемде даўам еттирилип, районда оңланбаған топырақ жоллар қум-шағыл тас араласпалы жолларға айландырылатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.