Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы пиллекешлер тәрепинен пилле жетистириў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты.
Буннан соң Абаданластырыў басқармасының нәлханасында саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин жетистириў бойынша жумыслар көрип шығылды. Кемшиликлер атап өтилип, бул бағдардағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Соның менен бирге, республикамыз басшысы райондағы «LANKO MIYA» қоспа кәрханасының жаңадан ири көлемли мебель ушын арнаўлы өнимлер ислеп шығарыў жойбары менен жақыннан танысып, кәрхана басшыларының жумысларды буннан былай да жеделлестириўде ушырасып атырған машқалалары тыңланып, сол жердиң өзинде оларды унамлы шешиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бой тиклеген «Жаңа Өзбекстан» массиви аймағында қурылып атырған көп қабатлы имаратлар қурылысының барысын да көзден өткерди. Жуўапкерлерге қурылыс жумысларын жеделлестириў, сондай-ақ, сапалы етип орынланыўын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.
Исбилерменлик дәўир талабы, буны жақсы түсинген республикамыз басшысы Кегейли районында исбилерменлерге жаратылған шараятлар менен танысыў ушын, Нурлы бостан МПЖ аймағында жайласқан халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орайы, «Кегейли мебель» ЖШЖның мебель ислеп шығарыў орны, «Миллий кийимлер» саўда орнының тигиў цехларын көзден өткерип, елимизде исбилерменлер бәрқулла қоллап-куўатланатуғынлығы атап өтилди.
Усылар менен бир қатарда, А.Орынбаев Жылўан жап МПЖ аймағында үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып атырған Рима Базарбаеваның ыссыханасындағы жумысларды барып көрди. Оның азғана жерден мол өним алыўға қаратылған басламасы көпшиликке үлги болыўы керек екенлиги атап өтилип, қосымша ыссыханасын кеңейтиўи ушын 10 млн. сум қаржы ажыратыў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районының социаллық-экономикалық раўажланыўы мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда дәслеп әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениўлер нәтийжелери, райондағы инвестициялық жойбарлар, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың шаңарақларында әмелге асырылып атырған жумыслар атап ɵтилди.
Сондай-ақ, абаданластырыў жумыслары ҳәм экономикалық көрсеткишлер терең талқыланып, жолларды оңлаў, социаллық объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары бойынша бар машқалалар ҳәм оларды шешиў илажлары көрип шығылды.
Мәжилисте республикамыз басшысы тәрепинен атап ɵтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли шөлкем ҳәм жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп алынды. Буннан тысқары, өз ўазыйпасын орынлаўда бир қатар кемшиликлерге жол қойған айырым мәкеме басшыларына интизамий жаза шарасын қолланыў, зәрүр болса лаўазымына ылайықлығы мәселесин үйренип шығыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.