Халқымыздың пидәкерлик мийнети менен қурылып атырған Жаңа Өзбекстанның мәдений-ағартыўшылық тийкарларын беккемлеў, елимиздиң бул бағдардағы халықаралық абырай-мәртебесин арттырыўда әййемги тарийхый мийрасымыз үлгилери, мәдений байлықлар, илимий жетискенлик ҳәм инновациялық идеяларды ҳәр қыйлы түрлерде, соның ишинде, илимий, әдебий-көркем, сүўретлеў жоллары менен жедел үгит-нәсиятлаў, оларды тек ғана бүгинги емес, ал келешектеги раўажланыўымызға хызмет ететуғын тәсиршең қуралға айландырыўға қаратылған умтылыс ҳәм әмелий ҳәрекетлер бүгинги күнде барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Мине усындай оғада кең көлемли процесслерди Жер жүзиндеги барлық халықлар, соның ишинде, Өзбекстан халқының жақсы арзыўлары менен байланыстырып, әдебият, мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисип атырған және миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлардың раўажланыўына, глобал мәдений раўажланыўға мүнәсип үлес қосып киятырған жергиликли ҳәм сырт ел дөретиўшилери менен зыялыларын хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде қарар етемен:

1. "Келешек мийрасы" халықаралық сыйлығы (кейинги орынларда - Халықаралық сыйлық) шөлкемлестирилсин.

2. Халықаралық сыйлық ушын таңлаўлар 2025-жылдан баслап ҳәр жылы төмендеги бағдарларда өткерип барылсын:

а) әдебият;

б) мәдений мийрас;

в) театр ҳәм кино;

г) музыка ҳәм аяқ ойын;

д) сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер;

ж) мода ҳәм дизайн;

з) илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар.

3. Төмендегилер:

а) Халықаралық сыйлықтың ҳәр бир бағдары бойынша жеңимпазлар статуэтка, диплом ҳәм 10 мың АҚШ доллары муғдарындағы бир мәртелик ақшалай сыйлықланады;

б) жеңимпазларға Халықаралық сыйлық салтанатлы түрде тапсырылады.

4. "Келешек мийрасы" халықаралық сыйлығы кеңеси дүзилсин, оның қурамы ҳәм тийкарғы ўазыйпалары 1-ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын. Мәденият министрлиги Кеңестиң жумысшы уйымы етип белгиленсин.

5. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте "Келешек мийрасы" халықаралық сыйлығы ҳаққындағы режени тастыйықласын.

6. Сыртқы ислер министрлиги Халықаралық сыйлықты сырт еллерде кеңнен ғалаба ен жайдырыўға ҳәм жеңимпаз деп табылған сырт елли қатнасыўшыларды мәмлекетимизге мирәт етиўге жәрдемлессин, сондай-ақ, оларға кириў визаларын, зәрүр жағдайларда "Ташкент" ҳәм "Самарқанд" халықаралық аэропортларында рәсмийлестириўди тәмийинлесин.

7. Мәденият министрлиги Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси, "Дунё" мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары менен биргеликте Халықаралық сыйлық, оның әҳмийети ҳәм усы қарар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың кеңнен сәўлелендирилип барылыўын шөлкемлестирсин.

8. Халықаралық сыйлық таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў бойынша қәрежетлер 2025-жылы Министрлер Кабинетиниң резерв қоры есабынан қаржыландырылатуғыны, 2026-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.

9. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президент Ш.МИРЗИЁЕВ


Ташкент қаласы,

2025-жыл 3-ноябрь