Бул ҳаққында "Ўзгидромет" басшысы Шерзодхўжа Ҳабибуллахўжа мәлим етти.
Оның атап өтиўинше, төмендеги аймақларда сел ҳәм суў тасқынлары жүз бериўи мүмкин:
Қашқадәрья ўәлаяты:
- Яккабоғ, Деҳқонобод, Чироқчи, Китоб, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузор районларында;
Сурхандәрья ўәлаяты:
Сариосиё, Узун, Олтинсой, Денов, Бойсун, Шерабад, Шўрчи, Қумқорған, Музробот районларында;
Самарқанд ўәлаяты:
Ургут, Самарқанд, Булунғур, Нурабад, Қўшработ, Каттақорған, Паяриқ, Жомбой, Иштихан районларында;
Наўайы ўәлаяты:
Хатирчи, Нәўбәҳәр, Нурата, Конимех, Кармана районларында;
Жиззах ўәлаяты:
Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шараф Рашидов, Фориш, Янгиобод районларында;
Ташкент ўәлаяты:
Аҳангаран, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Чирчиқ, Жоқары Чирчиқ районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;
Наманган ўәлаяты:
Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорған районларында;
Ферғана ўәлаяты:
Сўх, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;
Әндижан ўәлаяты:
Әндижан, Асака, Жалақудық, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избаскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында.
"Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқараларды, дем алыўшыларды ҳәм таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши автотранспорт басқарыўшыларын сергеклик илажларын көриўлерин сораймыз.
Республиканың айырым аймақларында жаўын суўлары топланыўы итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин," - дейди Шерзодхўжа Ҳабибуллахўжа.









