Атап өтилиўинше, усы жылдың 16-19-июнь күнлери Өзбекстан аймағына қубладан жүдә ыссы ҳаўа ағымлары кирип келиўи күтилмекте.
16, 17-июньда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында, 17−19-июньда Өзбекстанның қалған аймақларында ҳаўаның температурасы күндизги ўақытлары +40...+42 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде +43, +44 дәрежеге шекем көтериледи.
Республика бойынша самалдың тезлиги 13−18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте.



