АЖМ ыссы ҳаўа райы шараятында халыққа әҳмийетли усыныслар берди

    Ҳаўа-райының кескин ысып кетиўи әсиресе балалар, кекселер ҳәм наўқаслар ушын оғада қәўипли. Ҳәтте саламат инсанлар да ыссы күнлерде айырым әҳмийетли қағыйдаларға әмел етиўи зәрүр.

    Жуўапкерлердиң мәлим етиўинше, қуяш урыўы тийкарынан ашық ҳаўада қуяш нурлары тиккелей түскенде жүз береди. Бирақ оның тәсири 6-8 сааттан кейин де бақланыўы мүмкин.

    Сол себепли халыққа төмендеги усыныслар бериледи:

    Имканияты болғанынша саат 10:00 ден 17:00 ге шекем қуяш тиккелей түсетуғын жерлерде жүрмең.

    Тек тәбийий гезлемеден - пахта, кендир сыяқлы гезлемелерден таярланган жеңил кийимлер кийиң.

    Ашық реңли, жеңил бас кийим ҳәм қуяштан қорғаўшы көз әйнек тағың.

    Суў ишиўде нормаға әмел етиң - көп суўды бирден ишиў жүрекке артықша жүклеме береди. Усыныс етилетуғын ишимликлер: демленген шай, түрли шербетлер, минерал суў. Әлбетте, үйден шыққанда суўды өзиңиз бенен алып жүриң.

    Қуяштан қорғаўшы кремлерден пайдаланың.

    Қуяшта болып қайтқаннан кейин, әлбетте душ қабыл етиң ямаса ызғар сүлги менен сүртин.

    Аш қарынға ямаса аўқат жеп болғаннан соң дәрҳал қуяш астында қалмаң.

    Қуяш яки ыссылық урыўы белгилери:

    Ҳәлсизлик, шаршаў, бас аўырыўы ҳәм қатты шөллеў.

    Бас айланыўы, қулақларда шаўқым, пүткил денеде аўырыў, жүрек урыўы ҳәм дем алыў тезлесиўи.

    Гейде кеўил айныў, қусыў, көп терлеў яки керисинше тер шықпаў.

    Аўыр жағдайларда естен таныў, тутқанақ яки галлюцинация бақланыўы мүмкин.

    Қуяш ямаса ыссы урғанда биринши жәрдем:

    Наўқасты тез сая ямаса салқын жерге алып өтип, шалқасына жатқызың, басын бираз көтериң.

    Кийимин жеңил етиң, ҳаўа айланыўы ушын шараят жаратың.

    Егер есинде болса, аз-аздан суўық суў яки демленген шай ишириң (суўға ярым литрге ярым шай қасық дуз салыў мүмкин).

    Басына ямаса денениң бөлегине суўық ығал сүлги қойың.

    Қолтық асты, жамбас ямаса дизениң артына муз ямаса суўық суў толтырылған ыдыс қойыў мүмкин.

    Аўыр жағдайларда наўқасты жақын емлеўханаға алып барыў ямаса тез жәрдем шақырыў зәрүр.

    Жуўапкерлер ескертеди: қуяш урғанда жәрдемди өз ўақтында ҳәм дурыс көрсетиў инсан өмирин сақлап қалыўы мүмкин.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates