Өзбекстан аймағы бойынша ыссы ҳаўа-райы болыўы күтилмекте

    13 мамыр 2025 1092

    Усы жылдың 14-16-май күнлери Өзбекстан аймағы бойынша ыссы ҳаўа-райы болыўы күтилмекте.

    14-майда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында, 15-16-майда Өзбекстан аймағының үлкен бөлегинде ҳаўаның температурасы күндизги ўақытлары 39-41 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында 42-43 дәрежеге шекем көтериледи.

    14-15-майда арқада ҳәм шөл аймақларда, 16-17-майда республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте. 17-майда айырым жерлерде самалдың бағыты 20-22 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.