Исбилерменликти раўажландырыў, киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы үлесин арттырыў, олардың финанслық ресурслардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў - Жаңа Өзбекстан реформаларының әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады.
Кейинги жылларда бул бағдарда бир қатар бағдарламалар әмелге асырылды, исбилерменлерге кредит, компенсация, кепиллик ҳәм басқа да финанслық жәрдем түрлерин бериў механизмлери кеңейтилди. Соның менен бирге, киши ҳәм орта бизнестиң финанслық хызметлерден пайдаланыўында айырым тосқынлықлар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.
Бүгинги күнде киши ҳәм орта бизнеске ажыратылған кредит портфельи 218 триллион сумды ямаса жалпы ишки өнимниң 12 процентин қурамақта. Соның менен бирге, онлайн тәризде гиреўсиз берилип атырған микрокредитлердиң үлеси төменлигинше қалмақта. Бундай микрокредитлерди бериў процеси орташа 7 күнге шекем даўам етеди. Исбилермен бир жерде бир неше банктиң усынысларын алыў, оларды салыстырып, ең мақул шәртлерди таңлаў имканиятына ийе емес.
Усы мүнәсибет пенен презентацияда санлы финанслық платформаны иске қосыў усыныс етилди. Ол арқалы исбилермен кредит алыў ушын арза бериўи, бир неше банктен коммерциялық усыныслар алыўы, оларды салыстырып, ең қолайлы вариантты таңлаўы мүмкин болады.
Платформа "Электрон ҳүкимет" системасының санлы мағлыўматлар базалары менен интеграцияланады. Киши ҳәм орта бизнес субъектлери ҳаққындағы мағлыўматлар банклерге автоматикалық түрде жеткерип бериледи. Бул арқалы ҳүжжетлердиң жыйналыўы қысқарады, ўақыт үнемленеди, кредит арзаларын көрип шығыўда инсан факторы азаяды.
2026-жыл 1-декабрьден баслап платформа шеңберинде жасалма интеллект элементлеринен пайдаланған ҳалда альтернатив скоринг модельин енгизиў режелестирилген.
Дәстүрий скоринг тийкарынан кредит тарийхына сүйенетуғын болса, альтернатив скоринг исбилерменлик жумысы, коммуналлық төлемлер, айланыслар, салық ҳәм басқа да санлы мағлыўматларды есапқа алады. Бул кредит тарийхына ийе болмаған исбилерменлерди де баҳалаў имканиятын береди ҳәм олардың финанслық хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтеди.
Келешекте исбилерменниң кредит тарийхын жақсылаў, мүмкин болған қәўип-қәтерлерди баҳалаў ҳәм бизнести раўажландырыў бойынша усыныслар жасалма интеллект тийкарында қәлиплестириледи.
Сондай-ақ, коммерциялық банклер тәрепинен "AI-консультант" бағдарламасын иске қосыў нәзерде тутылмақта. Ол мәҳәллелердиң қәнигелесиўи ҳәм өсиў ноқатларын есапқа алған ҳалда, бизнес идеяларды ислеп шығыў ҳәм оларды қаржыландырыў имканиятларын анықлаўға жәрдемлеседи.
Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде де қосымша жеңилликлер белгиленген. Бул бағдарлама шеңберинде алдын микрокредит алған ҳәм унамлы кредит тарийхына ийе болған исбилерменлер ушын микрокредиттиң гиреўсиз бөлеги 100 миллион сумнан 200 миллион сумға шекем арттырылады.
Сондай-ақ, кредит ямаса лизинг муғдарына қарамастан, процент қәрежетлериниң 5 миллиард сумға шекемги бөлеги қаплап бериледи.
Ҳәр жылы жумысын кеңейтип, жоқары нәтийжелерге ерискен 100 исбилерменлик субъектине санластырыў, халықаралық стандартлар ҳәм "жасыл" технологияларды енгизиў менен байланыслы қәрежетлер ушын 300 миллион сумға шекем грант ажыратыў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, кредит тарийхына ийе болмаған киши ҳәм орта бизнес субъектлери ушын финанслық хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиў, платформаның қәўипсизлигин ҳәм мағлыўматлардың қорғалыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.