Бул ҳаққында Санлы технологиялар министрлиги хабар берди.

Халықаралық почта байланысының раўажланыў индекси почта тармағының раўажланыўын, миллий почта системаларының нәтийжелилигин ҳәм олардың халықаралық почта тармақларына интеграцияланыў дәрежесин баҳалаўдың әҳмийетли көрсеткишлеринен бири болып есапланады.

Бүгинги күнде почта байланысы тек ғана дәстүрий хат ҳәм жөнелтпелерди жеткерип бериў емес, ал электрон коммерцияны раўажландырыў, халық ҳәм исбилерменлерге қолайлы логистика хызметлерин көрсетиў, халықаралық саўда байланысларын қоллап-қуўатлаўда да әҳмийетли орын ийелемекте. Соның ушын почта инфраструктурасын модернизациялаў, хызмет түрлерин көбейтиў ҳәм санлы шешимлерди енгизиў тараўдың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан халықаралық рейтингте 11 орынға көтерилгени миллий почта системасын буннан былай да раўажландырыў, хызметлер сапасын избе-из арттырып барыў, мәмлекетимиздиң глобал почта тармағындағы орнын беккемлеў бағдарындағы жумыслардың унамлы нәтийжелеринен бири болып есапланады.

Мағлыўмат ушын: 2023-жыл 5-октябрь күни Саудия Арабстанының Ар-Рияд қаласында болып өткен Пүткилжәҳән почта аўқамының IV Айрықша Конгреси шеңбериндеги Стратегиялық саммитте Өзбекстан Республикасы "Почта тараўының жоқарылаўшы жулдызы" сыйлығы менен сыйлықланған еди.

Жәҳән почта аўқамының почта байланысларын раўажландырыў бойынша 2023-жылғы есабатына бола, “O‘zbekiston pochtasi” АЖ да почта байланысларын раўажландырыў индексинде өз позицияларын жақсылап, 115-орыннан 74-орынға көтерилди.