Кейинги жыллары бул тармақта сезилерли өзгерис болғаны, жаңа технологиялық шынжырларды жаратыў ушын инвестицияларға кең жол ашылған болса да, ири химия заводларының жумысы еле заман талаплары дәрежесинде емес екенлиги атап өтилди.
Сол себепли сын көзқараста өткен мәжилисте тараўдағы әҳмийетли мәселелер додаланды. Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге еле иске қосылмаған имканиятларды, шешилиўи керек болған машқалаларды анық көрсетип өтти.
Мәселен, алдынғы технологияларды енгизиўди жеделлестирип, химия кәрханаларында қосымша қунды ҳәзиргиден бир неше есеге арттырыў мүмкин.
Президентимиз бул бағдардағы кемшиликлерди атап өтип, жоқары технологиялы инвестициялық жойбарларды есесине көбейтиў ўазыйпасын қойды.
Ҳүкиметке тармақтағы машқалаларды жедел шешиў, бар имканиятларды толық иске қосыў ҳәм жойбарларды жеделлестириў бойынша қатаң тапсырмалар берилди.
Тармақтағы ҳәр бир кәрхананы санластырыў, қуўатлықлардан ақылға уғрас пайдаланыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгиленди.