Атап өтилгениндей, миллиардерлер санының өсиўи фонд базарының көтерилиўи ҳәм жасалма интеллекттиң раўажланыўы менен байланыслы.

5-март күни жәрияланған Hurun Group компаниясының жыллық есабатына бола, Қытай дүньядағы 4020 миллиардерден 1110 ин қолға киргизип, олардың санын бир жылда 287 ге арттырған. Бул мәмлекеттиң соңғы үш жылдағы жоғалтыўларының орнын толтырып, 1000 миллиардерге ийе АҚШ ҳәм 308 миллиардерге ийе Ҳиндстанды айланып өтиў имканиятын берди.

Технологиялар, әсиресе, жасалма интеллекттиң раўажланыўы жаңа капитал дерегине айланды. Қытайдың жаңа миллиардерлери арасында MiniMax компаниясынан 3,6 миллиард долларға ийе Янь Цзюньцзе ҳәм Knowledge Atlas Technology JSC (Zhipu) компаниясынан 1,2 миллиард долларға ийе Лю Дебин бар. Дүньяда жәми 114 миллиардер ЖИ менен байланыслы компанияларда жумыс алып барады, олардан 46 сы рейтингке биринши мәрте кирген.

Hurun дүнья жүзилик дизиминиң топ-3 ди Илон Маск ($792 млрд), Джефф Безос ($300 млрд) ҳәм Ларри Пейдж ($281 млрд) қурады. Маск байлығы 700 млрд доллардан асқан биринши адам болды.

Қалалар арасында Нью-Йорк миллиардерлер саны бойынша дүньяда жетекши болып қалмақта - 146 адам. Оннан кейин Шэньчжэнь (132), Шанхай, Пекин ҳәм Лондон келеди. Дүньяда миллиардерлердиң орташа жасы 65 жасты қурайды, деп жазады inform.kz.