Қытай исбилерменлери Өзбекстандағы еркин экономикалық зоналарға қызығыўшылық билдирмекте

    Бизнес 20 қараша 2025 285

    Ханчжоу қаласында Өзбекстанның инвестициялық потенциалы, елимиздеги еркин экономикалық зоналар ҳәм технопарклердиң презентациясы өткерилди.

    «BRICS Invest - Connectivity for a Smart Era» халықаралық конференциясы шеңберинде шөлкемлестирилген илажда Қытайдың Чжэцзян провинциясындағы түрли тараўларда жумыс алып барып атырған 200 ден аслам компания ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Презентацияда Өзбекстанның Шанхай қаласындағы Бас консуллығының ўәкиллери қатнасыўшыларға "Наўайы", "Ангрен", "Жиззақ", "Ургут" ҳәм басқа да еркин экономикалық зоналардың имканиятлары, оларда әмелге асырылып атырған жойбарлар, инвесторлар ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳаққында мағлыўмат берди.

    Дипломатлар тәрепинен усынылған жеңиллетилген салық режими, импорт етилетуғын шийки зат ҳәм үскенелерге бажыхана жеңилликлери ҳаққындағы мағлыўматлар қытайлы исбилерменлерде үлкен қызығыўшылық оятты.

    Өзбекстанда фармацевтика, электротехника, агросанаат, ИТ сыяқлы тараўларда қәнигелескен тармақлық ҳәм аймақлық технопарклерди шөлкемлестириўге үлкен итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

    Форум жуўмағында 2026-жылдың биринши ярымында Чжэцзян провинциясының жетекши компанияларының бизнес делегациясы Өзбекстанға келиўи ҳәм мәмлекетимиздиң еркин экономикалық зоналары менен тиккелей бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates