Бул ҳаққында Қытайдың "Синьхуа" мәлимлеме агентлигине тийкарланып "Дунё" хабар бермекте.

Таллаўшылар қызығыўшылықтың артыўын Қытай пуқаралары ушын Өзбекстанға тез ҳәм қолайлы саяхат етиў ушын визасыз тәртип енгизилгени менен байланыстырмақта. Мәмлекет туристлерди бай тарийхы ҳәм мәдений мийрасы менен бирге заманагөй инфраструктурасы, соның ишинде, жаңа жөнелислер ҳәм қолайлы авиақатнаўлар менен де тартпақта.

Өзбекстанның статистикалық дәреклерине бола, соңғы жылларда Қытайдан Өзбекстанға туристлер ағымы сезилерли дәрежеде көбейген. 2024-жылы мәмлекетимизге Қытайдан 74,3 мыңнан аслам турист келген, бул 2023-жылға салыстырғанда дерлик 75 процентке көп.

Бул унамлы динамика 2025-жылы да даўам етти: январь-октябрь айларында Өзбекстан Қытайдан дерлик 217 мың туристти қабыллады ҳәм жыл ақырына шекем бул көрсеткиш 250 мыңнан артыўы күтилмекте - бул бир жыл алдынғыға салыстырғанда 3 есеге көп.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, сапарлардың көбейиўи тек ғана визасыз тәртип емес, ал жуўмақланған "Туризм жылы" шеңберинде Өзбекстанның Қытай туристлик базарындағы жедел үгит-нәсиятланыўы, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң ири қалалары арасындағы тиккелей авиақатнаўлардың кеңейиўи менен байланыслы.

Қытайлы туристлер ағымының көбейиўи Өзбекстанның Азиядан келген саяхатшылар арасында, әсиресе, байрам дем алыслары дәўиринде кеңнен танылып атырғанын көрсетеди ҳәм туризм тараўы ушын жаңа имканиятлар ашады.