Киргизилген қосымшаларға бола, Кодекстиң 73-статьясы 4-бөлиминде көрсетилген шахс (өмирлик еркинен айырыўға ҳүким етилгенлер буған кирмейди) еркинен айырыў тәризиндеги жазаны өтеў дәўиринде оған тайынланған жазаны өтеў мүддети қысқартылыўы мүмкин.
Бунда қамақтағыларда дурыс руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды қәлиплестириўге қаратылған, белгиленген тәртипте тастыйықланған әдебиятлар дизиминдеги китапларды оқығанлығы факты тастыйықланыўы лазым.
Мүддет ҳәр бир оқылған китап ушын 3 күнге, бирақ 1 жылда көби менен 30 күнге шекем қысқартылыўы мүмкин.
Китап оқығанлық фактин анықлаў оның жазаны орынлаў мәкемеси администрациясына берген арзасына тийкарланып, жазаны орынлаў мәкемеси хызметкерлери, жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат комиссия тәрепинен әмелге асырылады.
Комиссия мәжилиси жылына кеминде 2 мәрте өткериледи.
Имтихан нәтийжелери бойынша комиссия тәрепинен қамақтағы адамның китап оқығанлығы фактин тастыйықлаў ҳаққында жуўмақ қабыл етиледи.
Жуўмақтың көширме нусқасы прокурорға жибериледи, қамақтағы шахсқа қол қойдырып тапсырылады, сондай-ақ қамақтағы шахстың қорғаўшысына оның сораўына бола бериледи.
Қамақтағы шахстың китап оқығанлығы фактин тастыйықлаў ҳаққында жуўмақ қабыл етилгенде мәкеме администрациясы судқа жазаны өтеў мүддетин қамақтағы дүзелиў жолына өткенлиги мүнәсибети менен қысқартыў ҳаққында усыныснама жибереди.
Қмақтағы шахс дүзелиў жолына өткени мүнәсибети менен оның жазаны өтеў мүддетин қысқартыў суд тәрепинен әмелге асырылады.