Китап оқыған қамақтағылардың жаза мүддети қысқартылыўы мүмкин

    21 қаңтар 2025 1894

    Қамақтағылар оқыйтуғын әдебиятлар дизими Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен тастыйықланады.

    "Миллий тикланиш" партиясы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, бир неше жыллардан берли китапқумар қамақтағылардың жаза мүддетин қысқартыў усынысын алға қойып киятырған еди. Ақырында бул бойынша нызам жойбары ислеп шығылды, деп жазады партия баспасөз хызмети.

    Оған бола, тастыйықланған дизим бойынша 1 китап оқыған ҳәм белгиленген имтиханды тапсырған судланыўшының жаза мүддети 3 күнге қысқартылады. Онда жылына көби менен 10 китап оқыў мүмкин екенлиги белгиленбекте.

    Қамақтағылар оқыйтуғын әдебиятлар дизими Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен тастыйықланады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates