Мәмлекетимиздиң мәдений ҳәм илимий турмысында әҳмийетли орын ийелейтуғын Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы бүгинги күнде заманагөй илим ҳәм ағартыўшылық мәканы сыпатында нәтийжели жумыс алып бармақта.

Заманагөй музей, илимий-изертлеў орайы, инновациялық китапхананы өзинде жәмлеген Орай ата-бабаларымыздың бай мийрасын жаңа форматта кең аудиторияға усынады.

Заманагөй китапхана санлы технологиялар менен үскенеленген интеллектуаллық орталық, алдынғы мәлимлеме мәканы болып есапланады. Бул жерде сийрек ушырасатуғын дәреклер, электрон ресурслар, интерактив хызметлер бирлестирилген болып, пайдаланыўшыларға максимал дәрежеде қолайлық ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлейди. Мәлимлеме хызметлери, саламат ҳәм қәўипсиз орталықты жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Заманагөй китапханаларда гигиеналық талапларға сай технологияларды енгизиў айрықша әҳмийетке ийе. Усындай инновациялық шешимлерден бири сыпатында Орай китапханасында Қубла Кореяның Evertree Co., Ltd. компаниясы тәрепинен ислеп шығылған LIVA LBS601 моделиндеги китап стерилизаторлары орнатылған.

Бул қурылма бир ўақыттың өзинде қысқа ўақыт ишинде алты китапқа шекем стериллеў имканиятын береди. Ҳәзирги ўақытта Орай китапханасында усындай 2 стерилизатордан пайдаланылмақта, олар күн даўамында жүзлеген китапларға тез ҳәм нәтийжели ислеў бериў имканиятын береди. Китаплар арнаўлы камераға жайластырылады, кейин қурылма есиги жабылады ҳәм UV-C лампалары иске түсириледи. Киргизилген вентильятор жәрдеминде китап бетлерди бираз ашылып, ультрафиолет нурларды китаптың ишки бөлимлерине өткериў имканиятын береди. Нәтийжеде китаплар толық дезинфекцияланады. Пайдаланыўшылар қурылманың көриў айнасы арқалы процессти бақлап барыўы мүмкин.

Сарвар Маматқулов, Smart Library компаниясының жойбар менеджери:

LIVA стерилизаторлары китапларды 60 секундта толық зыянсызландырыў имканиятын береди. Ультрафиолет нурлар китаптың сыртқы, ишки бөлимлерине кирип, бактерияларды, басқа зыянлы факторларды жоқ етеди. Бул пайдаланыўшылардың денсаўлығын сақлаў, китапханада заманагөй қәўипсиз орталықты жаратыўға хызмет етеди.

Бундай технологиялардың енгизилиўи Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы китапханасында билим алыў, олардан қәўипсиз ҳәм саламат орталықта пайдаланыў ушын шараят жаратылғанын көрсетеди. Бул бағдарда китапхана жаңалықлар, руўхый қәдириятларды синтезлеўдиң алдынғы үлгиси болып есапланады".

Мағлыўмат ушын, Орай жанындағы "Жаңа Өзбекстан" инновациялық китапханасы бир ўақыттың өзинде 266 адамға шекем хызмет көрсетиў имканиятына ийе. Оның фонды 300 мың баспа китапқа мөлшерленген болып, соннан 250 мыңы қоймаханаларда, 50 мыңы ашықлықта, музей экспозицияларында сақланбақта.

Китапхананың электрон фонды 300 мыңнан аслам басылымға ийе. Миллий, халықаралық мағлыўматлар базаларына кириў арқалы пайдаланыўшылар ушын 10 миллионнан аслам электрон ресурслар менен ислесиў имканияты жаратылды. Ҳәзирги ўақытта китапхананың улыўма фонды 35 мың нусқадан аслам.