"Бүгин биз ушын әҳмийетли ҳәм ҳақыйқый тарийхый күн. Бул халықаралық көлемде тән алыныўы дәстүрлердиң тереңлигин, руўхый мийрастың күшин, әўладлар арасындағы байланыстың үзликсизлигин тастыйықлайды.

Бай мийрасымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўға өз үлесин қосқан барлық усталар, изертлеўшилер, дәстүр сақшылары ҳәм жанкүйерлерге миннетдаршылық билдиремен. Бул пүткил мәдениятымыздың жеңиси. Биз өзимизди бийтәкирар етип турған нәрселерди қәстерлеп сақлап, алға барыўда даўам етпектемиз", - деп атап өтти Өзбекстан Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева.