Автотранспорт паркиниң тийкарғы бөлегин жеңил автомобиллер қурайды - олардың үлеси 92,9 процентке жетеди. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда автомобиллер саны 415,3 мыңға көбейген.

Автотранспорт қуралларының түрлери бойынша саны:

жеңил автомобиллер - 4 392,4 мың дана;

жүк автомобиллери - 312,7 мың дана;

микроавтобуслар - 7,5 мың;

арнаўлы транспорт қураллары - 7,3 мың дана;

автобуслар - 6 мың дана;

Автотранспорт қураллары санының өсиўи халықтың моторласыўы ҳәм жеке меншик транспорттан пайдаланыў дәрежесиниң артып атырғанын сәўлелендиреди.