Композит материаллы суўғарыў салмалары: Суў барған сайын жетиспей баратырған ҳәзирги шараятта жүдә зәрүр өним

    Пикир 13 наурыз 2025 156

    Елимизде 183,7 мың километрден аслам суўғарыў тармағы болып, олардың 13,1 проценти бетон қапламалы, 76,3 проценти топырақ өзекли ҳәм 10,6 проценти бетон салмалар (лоток) дан ибарат. Ҳәзирги күнде кластер ҳәм фермер хожалықлары қарамағындағы суўғарыў системалары тийкарғы қуралларының 25-30 проценти оңлаўға мүтәж жағдайға келген. Орташа гидрологиялық суў тәмийнатында суўғарыў системасының бир гектар майдандағы егинге суў жеткерип бериўиниң исенимлилик жағдайы 30-35 процентти қурайды.

    Елимиздеги көпшилик суў хожалығы инфраструктурасы объектлериниң хызмет көрсетиў мүддети 40-45 жылдан артып, техникалық жағдайы жылдан-жылға төменлеп бармақта. Атап айтқанда, ирригация системасы каналларының топырақ өзекли бөлеги суўдың фильтрлениўи есабынан жемирилиў қәўпи астында. Буннан тысқары, 77 процент канал оңлаў ҳәм тиклеўге, 20 проценти болса реконструкцияға мүтәж.

    Сондай-ақ, кластер ҳәм фермер хожалықлары аймақларындағы топырақлы өзекли суўғарыў тармақларының 44 проценти оңланып, тиклениўи, 10 проценти реконструкцияланыўы зәрүр. Бар лоток тармақларының тийкарғы бөлеги 35-40 жылдан аслам хызмет көрсетип, олардың да 70 проценти усындай жағдайда.

    Ирригация системасы ҳәм суўғарыў тармақларының пайдалы жумыс коэффициенти орташа 0,65, айырым жерлерде оннан да төмен ҳәм тийкарғы дәреклерден алынатуғын суўдың 35-40 проценти суўғарыў тармақларында жоғалтылмақта.

    Кейинги жыллары мәмлекетимизде суў хожалығын реформалаў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, бул бағдарда үнемли технологияларды енгизиў белсене қоллап-қуўатланбақта. Атап айтқанда, 2024-2026-жылларда 2 998 километр канал, 627 километр лоток тармақлары, улыўма суў шығарыў қуўатлылығы 86,7 куб метр секунд болған насос станциялары, 206 суўғарыў қудығы, 286,7 миллион куб метр көлемдеги суў сақлағышлар ҳәм басқа да суў хожалығы объектлериниң қурылып, реконструкцияланатуғыны белгиленген. Нәтийжеде ирригация тармақларының техникалық жағдайы жақсыланып, каналлар ҳәм суўғарыў тармақларының пайдалы жумыс коэффициенти 0,64 тен 0,69 ға жеткериледи, 795,9 мың гектар суўғарылатуғын майданның суў тәмийнаты жақсыланады.

    Ҳәзирги күнде республикамызда бир миллион гектардан аслам суўғарылатуғын майданға суў 19,5 мың километр узынлықтағы темир-бетон лотоклар арқалы барады. Соның менен бирге, 2131 километр узынлықтағы лоток тармақлары насаз. Ақыбетинде усы тармаққа байланысқан 86,3 мың гектар егислик майданын суў менен тәмийинлеў имканияты жоғалып, олар аўыл хожалығы айланысынан шығып кетпекте.

    Мәмлекетимизде қурылыс материаллары, цемент, жасалма тас ҳәм жыйналмалы қурылыс блокларын ислеп шығарыўшы 512 кәрхана болып, олар тәрепинен 2021-2023-жылларда ҳәр қыйлы көлем ҳәм формадағы 6507 мың дана темир-бетон буйым, 1830 мың куб метр газобетон блок ислеп шығарылған. Бул киши сан емес. Бирақ суў хожалығы ушын суўғарыў лотокларын ислеп шығарыўшы кәрханалардың саны тек ғана 12 ни қурайды. Олардың жыллық өндирислик қуўатлылығы 52,6 мың дана ямаса 316 километрден ибарат. Суў хожалығы тараўында 4,3 мың километр лоток тармағын алмастырыў зәрүрлигин есапқа алсақ, мәселеге айрықша итибар қаратыў керек екенлиги және де айқын болады. Себеби, ақаба тармақтағы усындай жағдайлар егислик майданларына суўдың өз ўақтында кепилликли жетип барыўына унамсыз тәсир етпекте. Артықша ысырапгершиликке себеп болмақта.

    Үйрениўлерге бола, ҳәзирги өндирис қуўатлықларында авариялық жағдайда болған лоток тармақларын тиклеў ушын кеминде 15 жыл талап етиледи. Темир-бетон лотоклар суўық ҳаўада музлаў ҳәм ериў, ыссыда болса ығалланыў ҳәм қурыў менен байланыслы өзгериўшең динамикалық факторлар тәсиринде болады. Бул жағдай бетон ҳәм арматура бирлескен жерде кернеўдиң артыўына ҳәм де салманың турақлылық ҳәм исенимлилик жағдайының төменлеўине себеп болады. Яғный, бетон ҳәм арматураның өз-ара күшлениўи лотоктың кесесине созылыўына алып келеди ҳәм оны мүддетинен алдын истен шығарады. Бул жағдай илимниң жетискенликлери тийкарында лоток тармақларының материалы ҳәм дүзилисин жетилистириўди талап етеди. Мине усы тәреплерди итибарға алған ҳалда Ирригация ҳәм суў машқалалары илимий-изертлеў институты базасында суўғарыў лотокларын ислеп шығарыў ушын талап етилетуғын композит материаллардың қурамы ҳәм лотоклардың дүзилиси жетилистирилди.

    Тәжирийбе сыпатында 8 түрли қурамдағы композит материаллардан ЛК-100, ЛК-80 ҳәм ЛК-60 түриндеги 1820 метр узынлықтағы лотоклар ислеп шығарылды. Композит лотоклар Сырдәрья ўәлаятының Сардоба районындағы “Indorama Agro” ЖШЖға қараслы 60 гектар суўғарылатуғын майданда тәжирийбе түринде орнатылды. Тармақлардың қурамы, элементлериниң ҳәр қыйлы тәбийий факторлар тәсирине шыдамлылығын үйрениў бойынша 2020-2024-жыллар даўамында илимий изертлеўлер алып барылды. Изертлеў нәтийжелери тийкарында композит лотоклардың материалларына, дүзилис элементлерине, таярлаў технологиясы, тасылыўы, монтажы ҳәм эксплуатациясына қойылатуғын талаплар бойынша нормативлик ҳүжжеттиң жойбары да ислеп шығылды.

    Жәҳән банкиниң қатнасыўындағы Өзбекстанның миллий инновациялық системасын модернизациялаў (MUNIS) жойбары шеңберинде өткен жылдың октябрь айында Сырдәрья ўәлаятында композит материаллы ЛК-60, ЛК-80 ҳәм ЛК-100 суўғарыў лотокларын ислеп шығарыў жолға қойылды.

    Хош, олар қандай абзаллыққа ийе?

    Бәринен бурын, композит материаллы лотокларда гидравликалық қарсылық көрсеткишлериниң төменлиги себепли темир-бетон лотокларға салыстырғанда басым жоғалтыўлары 5-10 процентке азаяды. Оларды тасыў, қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын қәрежет 55-60 процент арзан түседи. Полиэфир смоласы тийкарында таярланған лотоклардың температураға шыдамлылық шегарасы -500С тан +1950С қа шекем. Композит материаллы лоток материалларының суў сиңдириў қәсийети 0,88 процент болып, бул көрсеткиш темир-бетон лотокларға салыстырғанда 4,8-5,5 мәрте кем. Сол себепли суў фильтрациясы жүзеге келмейди ҳәм қуры жоғалтыўлардың алды алынады. Композит материаллы лотоклардың хызмет көрсетиў мүддетлери орташа ярым әсирден аслам.

    MUNIS бағдарламасының "Илимий изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық исленбелерге бизнес-инвестиция" (BIRD) субжойбары шеңберинде ислеп шығылып атырған полиэфир смоласы тийкарындағы лотоклар ҳаўа ҳәм суў температурасының өзгерислерине ҳәм суў ағымының динамикалық тәсирлерине шыдамлы болады. Оны ҳәр қандай шараятта, яғный қыста ҳәм жаўын-шашын ўақтында орнатыў мүмкин.

    Композит материаллардан таярланатуғын арзан, еки қабатлы лотоклардың узынлығы тутыныўшылардың талабына қарай 3 метрден 6 метрге шекем болыўы мүмкин. 3 метрли лотоклардың орташа аўырлығы тек ғана 25-30 килограммды қурайды. Бул лотокты сатып алыў ҳәм салмаларға орнатыў қәрежетлери салмаларды бетонлаўдан 20-25 процент арзанға түседи.

    Илҳомжон МАҲМУДОВ,

    техника илимлериниң докторы,

    профессор

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates