Мийнет кодексине бола, байрам күнлери екшембиге туўра келсе, дүйшемби күни дем алыс күнине қосып бериледи.

Соған бола, байрам алдындағы дем алыс күнлери төмендегише болады:

7-декабрь, шемби - ҳәптесине 6 күн ислейтуғынлар ушын жумыс күни, 5 күнликлер ушын дем алыс күни;

8-декабрь, екшемби - байрам күни, ҳәммеге дем алыс күни;

9-декабрь, дүйшемби - ҳәммеге қосымша дем алыс күни;

10-декабрь, шийшемби - ҳәммеге жумыс күни.