Усы жылдың 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жаңа системаны енгизип, бул мәселеге жәмийетшилик, парламент ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын кеңнен мобилизациялаў мақсетинде қарар етемен:
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң 2025-жыл 5-мартта өткерилген кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң дизими ҳәм әмелий илажлар бағдарламасы 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына усы Пәрман ҳәм оған қосымшаларда белгиленген ўазыйпалардың сапалы, өз ўақтында ҳәм сөзсиз орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңес ҳәр жылы аймақлар кесиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, прокурорлар ҳәм ишки ислер уйымларының баслықлары менен биргеликте коррупцияның алдын алыў, оған қарсы гүресиў, соның ишинде, турмыслық коррупцияны сапластырыў, коррупцияға маўасасыз қатнас жасаў орталығын қәлиплестириў бойынша "жол картасы"н тастыйықлап, орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлесин.
3. Коррупция ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде парламенттиң ролин түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде Олий Мажлис палаталарына төмендегилер усыныс етилсин:
а) ҳәр жылы бюджеттен ең көп қаржы алатуғын үш министрлик ҳәм уйымда коррупциялық факторларды анықлап, оларды сапластырыў бойынша усыныслар киргизиў;
б) министр ҳәм ҳәкимлер лаўазымына талабанлар тийислисинше Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары кеңеслеринде көрип шығылып атырғанда олар тәрепинен коррупцияның алдын алыў бойынша анық реже қорғалыўына байланыслы тәртипти нызам ҳүжжетлеринде белгилеў;
в) халықаралық тәжирийбени үйренип, кибермәканда коррупцияға қарсы нәтийжели гүресиў бойынша беккем ҳуқықый база жаратыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
г) жуўапкер уйымлардың ўәкиллеринен ибарат жумысшы топарлар дүзген ҳалда "жынаятшчылыққа қарсы гүресиў ҳәптелиги" даўамында ҳәр айдың 1-5-санларында реже тийкарында "қызыл" категориядағы мәҳәллелерге түсип, жынаятлардың келип шығыў себеплерин терең таллаў, район (қала), Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы прокурорлары ҳәм ишки ислер уйымлары баслықларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар бериў және район (қала) ҳәм мәҳәллелерде алға қойылған халықшыл басламалар тийкарында нызамларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.
4. Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың жумысы төмендеги жаңа тәртип тийкарында жолға қойылсын:
а) прокурор, ишки ислер ҳәм салық уйымларының басшылары секторлар жумысы бойынша жүкленген ўазыйпалардан азат етиледи;
б) секторлардың жумысына Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы және оның аймақлық бөлимлери жуўапкер етип белгиленеди.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте секторлардың жаңа тәртип тийкарында жумыс алып барыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин.
Экономикада коррупциялық факторлардың алдын алыў мақсетинде:
а) мәмлекетлик сатып алыўларда сатып алынатуғын товар ҳәм хызметлер баҳасы ҳәм оның орташа базар баҳасы арасындағы айырмашылықтың ең көп жол қойылатуғын шегарасынан шетке шыққан ҳалда сатып алыўларды әмелге асырған лаўазымлы шахслар жуўапкершиликке тартылады;
б) 2025-жыл 1-июльден ири инвестициялық жойбарларда коррупцияға қарсы халықаралық стандартлар ҳәм ири аукцион шәртлерин бәсекиге шыдамлылық экспертизасынан өткериў тәртиби енгизиледи;
в) "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасының (кейинги орынларда - "Ашық-айдын қурылыс" системасы) қамтып алыўы және де арттырылып, басқышпа-басқыш халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўындағы жойбарларға енгизиледи.
6. Усы Пәрманның 5-бәнтинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:
а) Экономика ҳәм қаржы министрлиги еки ай мүддетте:
1) мәмлекетлик сатып алыўларда сатып алынатуғын товарлар ҳәм хызметлердиң баҳасы бойынша белгиленген талапларды бузғаны ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шығып, киргизсин;
2) Есап палатасы, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти менен биргеликте бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан тийкарғы қуралларды сатып алыў бойынша талапларды күшейцин;
3) Есап палатасы менен биргеликте мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен тиккелей шәртнамалар бойынша сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) дың түрлерин кеминде еки есеге қысқартыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин;
б) Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте ири инвестициялық жойбарларды коррупцияға қарсы халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў және ири аукцион шәртлерин бәсекиге шыдамлылық экспертизасынан өткериў тәртип-қағыйдаларын белгилейтуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
в) 2025-жылдың ақырына шекем Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги халықаралық финанс шөлкемлери менен биргеликте халықаралық тендер объектлери бойынша субподрядшыларды "Ашық-айдын қурылыс" системасы арқалы тартыў, баҳасы 2 миллион АҚШ долларына шекемги халықаралық финанс шөлкемлери есабынан қаржыландырылатуғын жергиликли тендерлерди "Ашық-айдын қурылыс" системасында өткериў және халықаралық тендерлер бойынша тартылған сырт ел жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлери шәртнама баҳасының кеминде 60 процентин өз күшлери менен орынлаў тәртибин енгизиў илажларын көрсин;
г) Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги "Ашық-айдын қурылыс" системасын халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўындағы жойбарларға енгизиў ушын бул системада тийисли имканиятларды жаратсын.
7. Министрлер Кабинети 2026-жыл 1-январьға шекем министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен көрсетилетуғын барлық мәмлекетлик хызметлерди район (қала) кесиминде халықтың өзи баҳалайтуғын системаны енгизсин.
Онда халық тәрепинен "қанаатландырарсыз" деп баҳаланған мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши министрлик, уйым басшылары ҳәм район (қала) ҳәкимлериниң жеке жуўапкершилиги белгиленсин.
8. Әдиллик министрлиги:
а) бир ай мүддетте Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте жасалма интеллект тийкарында халықтың күнделикли турмысында ушырасатуғын сораўларына мобил телефон арқалы әпиўайы ҳәм қолайлы түрде жуўап алыў имканиятын беретуғын онлайн платформаны иске қоссын;
б) Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен көрсетилетуғын барлық мәмлекетлик хызметлерди район (қала) кесиминде халықтың өзи баҳалайтуғын жаңа системаны енгизиўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;
в) үш ай мүддетте Адвокатлар палатасы менен биргеликте пуқараларға сапалы юридикалық жәрдем көрсетилиўинде адвокатлардың жумысына тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыўға қаратылған нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
Усы Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Д.Б.Кадировқа ҳәм Р.Қ.Давлетовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 21-апрель