Жаңалықты еситип, басы көкке жетти. Егер бизиң ўәлаятта ашылса, хабарын айт, дәслеп өзим барып көремен, соңынан жийенлериңди жиберемен, деп тапсырды. Айтпақшы, бул жаңалықты дайым менен бөлисиўимниң өзине тән тарийхы бар. Гәп сонда, өткен жылы жаңа оқыўға кирген улын көриў ушын аўылдан дайым келгенинде екеўимиз оның университетине барғанбыз. Дайым оннан қыйналып атырған жоқсаң ба, оқыўларың жақсы ма, деген сораўларына жуўап алғаннан кейин және сабақ процесслерин бақлап кеўли бираз жубанды.

Соң дайым ўақтың болса, мени бир сарайға алып бар, деп қалды. Дәслеп, қай жерде екенин билмей, қандай сарай екенин сорадым. Кейин жийеним ҳәр сапары қоңыраў еткенимде сарайда, сабақ оқып атырман, дейди. Сол жерге барсақ жақсы болар еди. Тағы дайым гәпине қосымша етип: балалар сарайы ма, жаслар сарайы ма, дейтуғын еди, сен ол жерди билесең бе, деп сорады. Аўа, Жаслар дөретиўшилик сарайын билемен, кеттик, дедим. Ырасын айтқанда, өзимниң де ол жерге бармағаныма көп ўақыт болған екен.

Барып, бул жерде жаслардың китап оқыўы, сабақ таярлаўы, қалаберди, дөретиўшилик қәбилетин көрсетиўи ушын креатив индустрия парки шөлкемлестирилгенин билдим. Жаслар дөретиўшилик сарайы мен билген, бурын бос жатырған орын емес, ал жаслар менен толы сүйикли орынға айланған.

Сарайдағы креатив индустрия парки тийкарында "Дөретиўши", "Китаплар әлеми" сыяқлы дүканлардың жумысы жолға қойылған. Сондай-ақ, ул-қызлардың оқыўы, компьютер ҳәм басқа да үскенелерден пайдаланып сабақ таярлаўы ушын қолайлы, бир-биринен әжайып дизайнге ийе орынлықлар жайластырылған. Өзгерислерди көрип, ашығын айтсам, таң қалдым. Дайым китаплардың биреўин алып, орынлыққа отырды. Соң баласын тергегендей, дөгеректеги жигит-қызларды сораўға тута баслады.

- Сен не ислейсең, бул жерде не қылып жүрсең?

- Өзим ислеймен, ҳәзир бул жерде СММ менеджерлигин үйренип атырман.

- Қаяқта ислейсең?

- Супермаркетте сатыўшы боламан. Түске дейин усы жерде сабақ таярлайман. Соң анаў "Дөретиўши" кафесинде аўқатланып, жумысқа бараман. Бул жерде керекли китаплар бар. Интернет бийпул. Бир тәрептен ө билимимди де беккемлеп атырман.

- Анаў, менеджерлигиңди үйренип жумыс таба аласаң ба өзиң?

- Аўа, өзим сататуғын супермаркет азық-аўқат саўдасы менен шуғылланатуғын дүканлар тармағына ийе, несип етсе, сол жерде СММ менеджери болып ислеймен.

- Жүдә жақсы, әўметинди берсин, балам.

- Сен ше? Сен не оқып атырсаң, қызым?

- Инглис тилин үйренип атырман. Өзим университет студентимен.

- Университетлериңизде "библатика" жоқ па?

- Бар, бирақ бул жер қолайлы. Шет тили бойынша ҳәр қыйлы сабақлар да болып турады. Китаплардан машқала жоқ.

- Аўа, китап көп екен.

Дайым орнынан турар екен, бос орынның өзи жоқ, бийкар отырған бир де баланы ушыратпадым, деп өзи менен өзи сөйледи. Соң креатив индустриал паркте жумыс алып баратуғын "Анимация мектеби", "Шахмат мектеби", "Ибрат академиясы", "Гүлалшылық академиясы", Өзбекстан волонтёрлар ассоциациясының жумысы менен таныстық.

Имараттан шығар екенбиз, дайым маған қарап, сараймысаң, сарай екен-аў деп қойды. Әне, енди жийениңнен кеўлим тоқ, деп терең дем алды. Узақ жер, жаман балалар менен жаман әдетлерге араласып қалмасын деп қорыққан едим. Университетин көрдим, бул жер менен таныстым, улымыз исенимли қолларда екенине исеним пайда еттим. Қәнекей, аўылымызда да усындай болса, деп артына ентигип қарап есиктен шықты.

Мен де сол ўақытта креатив индустрия паркиндеги жаслардың күш-ғайраты, алдына қойған анық мақсет ҳәм режелерине қарап умтылыўын көрип тәсирленгенмен. Олардың илим алыў жолында бир-бирине дос, жолдас, устаз ҳәм шәкирт болып ҳәрекет ететуғынына ҳәўесим келди. Бир ўақытлары устазымның жәмлескен ҳәм жәмлеспеген жасларға берген сыпатламасы ядыма түсти. Жәмлеспеген жаслардың ой-пикири ҳәм мақсети болмайды, дүньяқарасы да төмен. Уйымласқан жаслар болса тоғайға усайды. Тереклер бирлесип, кең тоғайды пайда етеди. Бирақ өз алдына алғанда да терек, қайың, шынар сыяқлы өз аты, өзине тән өзгешеликлери бар, деген еди.

Устазым тәрийплеген жәмлескен жасларды усы жерде ушыраттым. Олар мәмлекетимиз келешегин жарататуғын, жаңа Өзбекстанды жаңа шеклерге алып шығатуғын келешек таянышлары екенине исеним пайда еттим.

Ўақыяны оқып, креатив индустрия паркиниң китапхана, оқыў орайы, жоқары оқыў орынларынан тийкарғы парқы неде екенин аңламаған шығарсыз. Бул ағартыўшылық дәргайының басқаларынан ажыралып туратуғын тәрепи, бул жерде талап жоқары болған заманагөй кәсип ийелери: санлы маркетолог, график дизайнер, пиар менеджери ҳәм таргетинг бойынша қәниге, видеограф (ямаса мобилограф), СММ менеджери, 3Д дизайнер сыяқлы қәнигелер таярланыўы болып есапланады.

Мәселен, пайтахтымыздағы креатив парктиң көпшилик жойбарлары әне усы бағдарға қаратылған. Атап айтқанда, “Ustoz AI” мобил қосымшасы арқалы аралықтан турып та жоқарыдағы кәсиплер бойынша билим алыўыңыз мүмкин. Бул кәсиплерди ийелегеннен соң, жумыс табыў мәселеси қандай болады, деген сораў көпшилик ушын қызық. Бүгин қайсы тараўда бизнес жүргизбең, өз жумысыңызды, әлбетте, интернет ҳәм социаллық тармақларда реклама, үгит-нәсиятлаўға туўра келеди. Бул бойынша болса сизге маркетолог, пиар-менеджер ҳәм таргетинг бойынша қәниге, СММ-менеджер жәрдем береди. Соның ушын, ҳәр қыйлы дүкан, ресторан ийелеринен баслап қурылыс компаниялары, өндирис цехлары, кәрханаларда да усы кәсип ийелерине талап бар. Бәсеки күшейип баратырған бир дәўирде болса өним дизайны айрықша әҳмийетке ийе. 3Д дизайнер, график дизайнерлер бул мәселеде исбилерменлердиң аўырын жеңил етеди.

Пикириме исеним пайда етиў ушын жумыс орынлары ҳаққында дағазалар жайластыратуғын сайт ҳәм социаллық тармақ каналларына кирип көриң. Ол жердеги ҳәр үштен бир бос жумыс орны жоқарыдағы кәсип ийелери ушын мөлшерленген.

Креатив индустрия парклериниң аймақларда да шөлкемлестирилиўи жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде қолайлы болады. Олардың дүньяқарасы кеңейиўи, дөретиўшилик қәбилети артыўы ушын үлкен имканият жаратылады, дегени. Жоқарыдағы заманагөй кәсип ийелерине болған талап усы тәризде сапластырылады.

Сондай-ақ, аймақларда креатив индустрия парклериниң ашылыўы креатив экономика тармағының раўажланыўына хызмет етеди. Бүгин заман талабына бейимлескен ҳалда креатив экономикаға тийкарланған бизнес жойбарларының дәраматы есесине артып атырғанын атап өтиў керек. Соның ушын креатив экономика раўажланыўына мәмлекет те итибарсыз емес. Өткен жылы қабыл етилген "Креатив экономика ҳаққында"ғы нызам оның тараўларға қолланылыўын тәртипке салып барады.

Ҳүжжетте "Креатив экономика - дөретиўшилик, интеллектуаллық қәбилет, сондай-ақ, инновацияларға ҳәм технологияларға тийкарланған инсан потенциалы нәтийжесинде экономикалық қунға ийе болған товарларды (жумысларды, хызметлерди) жаратыўға қаратылған экономика тармағы", деп тәрийпленеди. Оның мазмунын мысаллар менен түсиндириўге ҳәрекет етемиз.

Жақында “СNN” халықаралық басылымы тәрепинен тән алынған, өзбек программистлери тәрепинен жаратылған жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын инновациялық платформа - инглис тилин үйрениўшилерге мөлшерленген “Speaklish” бағдарламасы креатив экономика үлгиси болып есапланады. Себеби, бағдарламаны жаратыўда инсанның дүньяқарасы, креатив пикирлеўи, инглис тилин билиў дәрежеси тийкар болып хызмет етеди.

Халықаралық майданда да қызығыўшылық артып атырған бағдарламаға ҳәзирги ўақытта 50 мыңнан аслам пайдаланыўшысы бар. Итибарлы тәрепи, олардың арасында тек ғана ўатанласларымыз емес, ал Орайлық Азия мәмлекетлери, басқа да мәмлекетлерден де пайдаланыўшылардың бар екенлиги.

Бул бағдарлама “Microsoft” ҳәм “Google” сыяқлы компаниялардың стартап грантларын қолға киргизген. Оның инглис тилин үйрениўде қолланылатуғын басқа да бағдарламалардан абзаллығы интерактив ҳәм креатив қатнас тийкарында таярланғанлығында. Келешекте бул жойбар үлкен халықаралық базарға шығыўды режелестирмекте.

Халқы жылдан-жылға артып баратырған Өзбекстанда креатив экономиканы раўажландырыў жақсы нәтийже береди. Себеби оның тийкарғы дәреги инсан капиталы, кадрлардың билим потенциалы, дөретиўшилик қәбилети болып есапланады. Бурын илим-ағартыўшылық ошағы болған мәмлекетимиз кейинги жылларда да бул бағдарда өзин көрсетпекте. Бул тараў менен көбирек жаслар шуғылланыўы да Өзбекстан ушын жүдә зәрүр.

Сондай-ақ, санлы экономиканың әдебий дөретиўшилик, архитектура, жойбарластырыў, аудиовизуал көркем өнер, мода ҳәм дизайн, атқарыўшылық көркем өнери, музейлер, көркем-өнер галереялары (көргизбе), концерт-тамаша жумысы ҳәм ғалабалық-мәдений илажларды шөлкемлестириў, сүўретлеў көркем өнери, халық әмелий көркем өнери, өнерментшилик сыяқлы бир қатар тараўларды қамтып алыўы, оның раўажланыўы халық мәденияты, дүньяқарасының өсиўинде де әҳмийетли рол атқаратуғынын билдиреди. Соның ишинде, әне усы тараўларға заманагөй, креатив усыллар менен технологияларды енгизген ҳалда материаллық дәраматты арттырыў мәмлекет экономикасына унамлы тәсир көрсетеди. Туризмниң раўажланыўына үлес қосады. Халықтың ўәкиллериниң руўхый дүньяқарасының кеңейиўи, өзликтиң сезими артыўына хызмет етеди.

Бир сөз бенен айтқанда, креатив экономиканың раўажланыў шынжырын пайда етип, барлық тараўдың өсиўине, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың жаңа басқышқа көтерилиўине тийкар жаратады.

Санжар ЭШМУРОДОВ

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы