Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери,
жергиликли Кеңес депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм
ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.
Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.
Жалпы мәжилистеги мәселелердиң додаланыўын Сенаттың YouTube
тармағындағы бети арқалы тиккелей онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.
Жалпы мәжилисте "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине
креатив экономиканы раўажландырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар
киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.
Мәмлекетимиз
экономикасының инновациялық раўажланыўын хошаметлеў, бул бағдардағы креатив
потенциалды экономикалық қәдриятқа айландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў,
жаслар ҳәм исбилерменлердиң дөретиўшилик басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша
кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Соның менен
бирге, креатив экономиканың избе-из раўажланыўын тәмийинлеў бул тараў субъектлери
ушын және де қолайлы шараятлар, хошаметлеў механизмлери ҳәм жеңилликлер
жаратыўды талап етпекте.
Нызам менен
айырым нызам ҳүжжетлерине Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры
тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарларға тартылған қәнигелерге ҳәм
"Креатив индустрия парки" резидентлерине салық бойынша белгили бир
жеңилликлер берилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар
киргизилмекте.
Соның ишинде,
сырт елли контрагентлер 2026-2030-жыллар дәўиринде қосымша қун салығы, төлем
дәрегинен алынатуғын пайда салығы ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат
салығынан азат етилиўи нәзерде тутылмақта. Онда бул жеңиллик сырт елли
контрагентлер креатив санаат пенен тиккелей байланыслы жумысларды орынлаў ҳәм
хызметлер көрсетиўде қатнасқан жағдайларда қолланылады.
Сенат ағзалары
өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бул жеңилликлерди тек ғана креативлик
санаатындағы жумыс ҳәм хызметлерге қолланыў тараўға сырт ел қәнигелерин
тартыўға, жойбарлардың сапасы ҳәм көлемин арттырыўға, жергиликли креатив
өнимлерди халықаралық базарға алып шығыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет
ететуғынын атап өтти.
Креатив индустрия
парки резиденти статусын алыў ушын әмелиятта кәрхананың бизнес-режеси
тастыйықланыўы ҳәм оның жыллық улыўма дәраматының кеминде 80 проценти креатив
индустриядағы жумысынан алыныўы керек екенлиги де нәзерде тутылған. Нызам менен
бул талап жаңадан шөлкемлестирилген кәрханаларға дәслепки басқышта
қолланылмайтуғыны, бирақ қаржы жылының ақырына шекем талаплар орынланбаса,
салық жеңилликлери қайта есапланып, бюджетке өндирилетуғыны белгилеп
қойылмақта.
Сенаторлар бул
нызам креатив индустрияны қоллап-қуўатлаўға, халықаралық бирге ислесиўди
раўажландырыўға, халықаралық ҳәм мәмлекетлераралық мәдений илажларды нәтийжели
шөлкемлестириўге, бул тараўда турақлылықты ҳәм ҳадал бәсекини тәмийинлеўге
хызмет ететуғынын атап өтти.
Сенаторлар
тәрепинен нызам мақулланды.