Режеге бола, мағлыўматларды усы реестрге киргизиў ямаса шығарыў бойынша арзалар БИМХП (my.gov.uz), мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса кредит бюролары арқалы усынылады.

Арза бериўши өзи келип, кредит бюросына жазба мүрәжат еткенде, арза бериўшиге QR-код қойылған мағлыўматнама бериледи.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары хызметтиң нәтийжесин ол келип түскеннен соң 10 минут ишинде арза бериўшиниң электрон мәнзилине жибереди ҳәм арза бериўшини бул ҳаққында мәлимлеме-коммуникация системасы арқалы хабардар етеди.

Кредит питимин дүзиўди қадаған етиў ямаса қадағанды алып таслаў ҳаққындағы арза жиберилген сәне ҳәм ўақыт, қадаған етиў белгиленген ямаса алып тасланған сәне ҳәм қадаған етиў шәртлери ҳаққындағы мағлыўматлар шахслардың кредит тарийхында көрсетип барылады.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм кредит бюролары алынған мағлыўматлардың сыр сақланыўын тәмийинлейди.