Көше бийлери халықтың аўызбиршилиги ушын хызмет етпекте

    24 желтоқсан 2024 21

    Мәмлекетимизде мәҳәлле институтының жәмийеттеги орнын түп-тийкарынан жақсылаў ҳәм оның халқымыз арасында ушырасып туратуғын машқалаларды шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар бүгин өзиниң унамлы нәтийжесин берип, ҳәр бир аймақта көше бийлери тайынланып халық пенен бирге ислесиўде жақсы жумыслар алып барылмақта.

    Қанлыкөл районындағы 11 пуқаралар жыйынларында халықтың аўызбиршилиги, татыўлығы ҳәм абадан жасаўы ушын 239 көше бийи халық пенен биргеликте жумыс алып бармақта. Районда “Еӊ үлгили көше бийи» таӊлаўында жеӊимпаз болған көше бийлери менен ушырасыў өткерилди.

    Илажда Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, район ҳәкиминиң орынбасары Р.Қалимбетовлар шығып сөйлеп, райондағы көше бийлериниӊ мийнетлерине тоқтап өтти.

    Атап өтилгениндей, “Еӊ үлгили көше бийи” таӊлаўы тийкарынан көп миллетли халқымыздыӊ өз-ара аўызбиршилиги, шаӊарақлардағы татыўлығы, мәҳәллелерде той мәресимлердиӊ артықша ысырапкершиликсиз өтиўин тәмийинилеўге хызмет етпекте.

    Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, жас әўладты Ўатанға садықлық, улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, халқымыз арасында аўызбиршилик, миллетлар аралық татыўлық, мийрим-шәпәәт қатнасықларын және де беккемлеў, жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип, таңлаўда жеңимпаз болған көше бийлери сыйлықланды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.