Кәсиплик билимлендириўдиң стратегиялық бурылыс ноқаты

    Заманагөй, бәсекиге шыдамлы ҳәм халықаралық стандартларға сай билимлендириў системасы жаңа Өзбекстан раўажланыўының әҳмийетли тийкарларынан бири болып есапланады.

    Бүгин инсан капиталына итибар мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарына айланды. Себеби, қайсы тараўды алмаң, оның табысы, бәринен бурын, маман кадрлар таярлайтуғын билимлендириў системасына байланыслы.

    Усы мәнисте кейинги жыллары билимлендириў тараўына қаратылған итибар ҳәм әмелий илажлар нәтийжесинде үлкен өзгерислер бақланып атырғанын айрықша атап өтиў орынлы. Бүгинги күнде болса кәсиплик билимлендириў системасындағы реформалар жаңа әўлад кадрларын таярлаўдың пүткиллей жаңа басқышын баслап берди.

    Президентимиздиң усы жыл 23-октябрьдеги "Профессионал билимлендириў системасында басқарыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы ҳәм усы күни қабыл етилген "Профессионал билимлендириў системасында реформаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары билимлендириў тараўындағы стратегиялық бурылыс ноқаты, десек қәте болмайды. Бул ҳүжжетлер тек ғана системаны қайта қурыў емес, ал оны халықаралық стандартларға бейимлестириў, мийнет базарының талапларына жуўап беретуғын, өндириске таяр қәнигелер жетистириўге қаратылғаны менен әҳмийетли.

    Қарар менен белгиленген Профессионал билимлендириў системасын 2030-жылға шекем реформалаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери тараўдағы анық жол картасы болып есапланады. Мәселен, техникумларда халықаралық ҳәм қоспа билимлендириў бағдарламаларының санын 250 ге жеткериў, 9-класс питкериўшилериниң кәсиплик билимлендириў менен қамтып алыныўын 50 процентке шекем арттырыў, дуал билимлендириўдиң үлесин 40 процентке жеткериў, өндирислик билимлендириў усталарының кеминде 30 проценти кәсиплик сертификатқа ийе болыўын тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпалар тек ғана статистикалық көрсеткиш емес, ал системадағы сапа өзгериўиниң өлшеми де болып есапланады.

    Мине, усы мақсетлерге ерисиў ушын системалы басқарыў, илимий қатнас ҳәм анық жуўапкершилик зәрүр. Сонлықтан, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанында Кәсиплик билимлендириў агентлигиниң шөлкемлестирилиўи оғада әҳмийетли қәдем болды. Агентлик тек ғана ҳәкимшилик уйым емес, ал кәсиплик билимлендириў тараўындағы сиясий, илимий ҳәм методикалық орай сыпатында жумыс алып барады. Ол техникумлардың жумысын муўапықластырыў, билимлендириў бағдарламаларының мазмуны ҳәм питкериўшилердиң маманлық дәрежесин белгилеў, оқыў-методикалық тәмийнатты жетилистириў менен шуғылланады. Бул арқалы ҳәр бир билимлендириў мәкемеси бирден-бир миллий стандарт, соның менен бирге, халықаралық нормаларға муўапық жумыс алып барады.

    Қарарда белгиленген және бир әҳмийетли тәреп мийнет базары менен билимлендириў системасы арасындағы үзликсиз байланысты тәмийинлеў болып есапланады. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Миграция агентлиги ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери арасында бирге ислесиў системалы жолға қойылады. Бул болса халықтың ҳәр қыйлы қатламлары, соның ишинде, жумыссыз ҳәм кәсиби болмаған пуқараларды ваучер системасы тийкарында кәсипке оқытыў, шет тили ҳәм заманагөй маманлық бағдарламалары арқалы жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын береди. Нәтийжеде кәсиплик билимлендириў тек ғана жаслар емес, ал үлкен жастағылар ушын да жаңа имканият есигин ашады.

    Реформалардың және бир әҳмийетли тәрепи дуал билимлендириўди кеңнен жолға қойыў болып есапланады. 2026/2027-оқыў жылынан баслап дуал тәлим алып атырған оқыўшыларға айлық стипендия төлениўи белгиленгени оқыўшы ушын да, өндирис ушын да хошамет дәреги болып есапланады. Бул система арқалы оқыўшы оқыў процесинде-ақ жумыс тәжирийбесине ийе болады, өндирис кәрханалары болса таяр кадрлар менен тәмийинленеди.

    Соның менен бирге, пәрман ҳәм қарарда белгиленген және бир әҳмийетли ҳәм символикалық баслама 2026-жылдан ҳәр жылы 5-майды Кәсип ҳәм мийнет күни сыпатында белгилениўи болды. Бул сәне тек ғана байрам емес, ал мийнетке ҳәм кәсипке қатнасты жаңа басқышқа көтериў, жәмийетте кәсиплик жумыстың қәдирин арттырыў, мийнет тараўы ийелерине ҳүрмет ҳәм итибарды күшейтиўдиң әмелий көриниси болып есапланады. Бул күн шеңберинде жаслар арасында кәсиплердиң тартымлылығын арттырыў, оларды анық мақсетке бағдарлаў, түрли шеберлик таңлаўлары, көргизбе ҳәм илҳамландырыўшы ушырасыўлар арқалы кәсиплик билимлендириўди ғалаба ен жайдырыў нәзерде тутылған.

    Кәсип ҳәм мийнет күниниң енгизилиўи жаслар арасында "мийнет - мақтаныш, кәсип - өнер" деген қәдириятты беккемлеўге хызмет етеди. Бул баслама ҳәр бир пуқара, әсиресе, жасларда өз қәбилетин аңлаў, мийнет арқалы жәмийетке пайда келтириў, өз кәсиби менен мақтаныш сезимлерин оятады. Мәмлекеттиң раўажланыўы мийнеткеш инсанлар, өз жумысына шын кеўилден қатнас жасайтуғын қәнигелердиң қолында. Сонлықтан, бул байрам тек ғана белгиленетуғын сәне емес, ал жаңа әўлад санасында мийнет мәдениятын қәлиплестиретуғын руўхый майдан сыпатында үлкен әҳмийетке ийе.

    Сондай-ақ, техникумлардың жумысын баҳалаўдың миллий рейтингиниң енгизилиўи билимлендириўдиң сапасы ушын күшли мотивация болады. 2026-жылдан баслап ең жоқары орынды ийелеген 50 техникум БЕМның 3 000 есеси муғдарында хошаметленетуғыны белгиленген. Бул реформа билимлендириў мәкемелерин сапалы билимлендириў, нәтийжели басқарыў ҳәм инновациялық қатнасқа ийтермелейди. Сондай-ақ, Президент сыйлығы ушын өткерилетуғын кәсиплик шеберлик миллий таңлаўы жаслардың кәсипке қызығыўшылығын арттырады, оларды дөретиўшилик ҳәм әмелий жумысқа илҳамландырады.

    Ҳүжжетлердеги және бир әҳмийетли мәселе техникумлардың ҳуқықый ҳәм материаллық турақлылығын тәмийинлеў болып табылады. 2030-жылға шекем оларды сапластырыў ямаса меншиклестириўге мораторий енгизилгени билимлендириў мәкемелериниң тыныш, үзликсиз ҳәм турақлы жумыс ислеўи ушын кепиллик болып есапланады. Бул арқалы мәмлекет кәсиплик билимлендириў тараўын узақ мүддетли стратегия тийкарында раўажландырыў мақсетин анық билдирди.

    Әлбетте, бундай реформалар тек ғана ҳүжжет дәрежесинде емес, ал турмыстың өзинде әмелиятқа айланыўы керек. Бунда педагоглардың маманлығын арттырыў, оларды сырт елге стажировкаға жибериў бағдарламалары үлкен әҳмийетке ийе. Келеси жылларда бундай устазлардың санын 100 ден 2 500 ге жеткериў режеси кадрлар потенциалын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў деген сөз.

    Бир сөз бенен айтқанда, пәрман ҳәм қарар Үшинши Ренессанс идеясын әмелге асырыўда билимлендириў системасы, әсиресе, кәсиплик билимлендириўдиң орны шексиз екенин айқын көрсетти. Бул ҳүжжетлер жаңа әўлад қәнигелерин тәрбиялаў, мийнет базарының талапларына сәйкес кадрлар таярлаў, ең әҳмийетлиси, заманагөй дүнья менен тең қәдем таслайтуғын жасларды камалға келтириў жолында беккем ҳуқықый ҳәм әмелий тийкар болып есапланады.

    Жаңа Өзбекстанда билимлендириў системасының реформалары тек ғана бағдарлама емес, ал келешектиң жаңа модели. Бул реформалар арқалы елимизде билимли, өз кәсибиниң шебери, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм дөретиўши әўлад қәлиплеседи. Әне сонда Үшинши Ренессанс идеясы турмыс ҳақыйқатлығына айланады.

    Сабыр ТУРСУНОВ,

    педагогика илимлериниң докторы, профессор


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates