Қарарға муўапық, Халықаралық гүрес институтының гүрес миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша жумысы және де кеңейтиледи және оған төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленеди:
гүрес бойынша халықаралық дәрежедеги маман тренерлер ҳәм төрешилерди таярлаўды жолға қойыў, оларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырып барыў системасын енгизиў;
гүрес бойынша илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, сондай-ақ, зәрүр оқыў-методикалық ҳәм илимий-әмелий қолланбаларды ислеп шығыўды шөлкемлестириў;
гүрестиң жаңа бағдарларын енгизиўде қатнасыў, оларды ғалаба ен жайдырыў илажларын көриў;
гүрес тренерлери ҳәм төрешилерин сырт мәмлекетлерге "экспорт" етиўди жолға қойыў;
гүрести ғалаба ен жайдырыў, раўажландырыў ҳәм дүньяға танытыў және бул миллий спорт түрин улыўма жәҳән көлеминдеги спорт түрине айландырыў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў.
Сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларға Кураш халықаралық ассоциациясы ҳәм Халықаралық кураш институтының гүрести халықаралық көлемде раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша жумысына жәрдемлесиў ўазыйпасы жүкленди.
Жергиликли ири исбилерменлерди Кураш халықаралық ассоциациясына рәсмий қәўендер сыпатында тартыў жолға қойылады.