Айтып өтиў керек, 2024-жыл даўамында Халықаралық гүрес ассоциациясының AIMS (Alliance of Independent Recognized Members of Sport) шөлкемине ағзалық процесслеринде салмақ категорияларын оптималластырыў мәселеси бир неше мәрте додаланды. Таллаўлар нәтийжесинде салмақ категорияларын теңлестириў усыныс етилди.
2024-жыл 13-апрель күни болып өткен Халықаралық гүрес ассоциациясы Басқарыў кеңесиниң мәжилисинде бул мәселе ҳәр тәреплеме көрип шығылды ҳәм ер адамлар ушын -120 кг. салмақ категориясын қосыў бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етилди.
Усы қарарға муўапық ересеклер арасында өткерилетуғын гүрес бойынша жарысларда салмақ категориялары төмендегише белгиленди: ер адамлар: -60 кг, -66 кг, -73 кг, -81 кг, -90 кг, -100 кг, -120 кг, +120 кг.
Жаңа салмақ категориясы 2025-жылы шөлкемлестирилетуғын барлық рәсмий жарысларда енгизиледи.









