Мәмлекетимиз басшысы Ал-Кувейт қаласында Әмир Шайх Мишъал ас-Сабоҳ ҳәм Мийрасхор Шайх Сабоҳ ас-Сабоҳ пенен тарийхый сөйлесиўлер, сондай-ақ, усы мәмлекет ҳүкиметиниң ағзалары, жетекши компаниялары ҳәм финанслық институтларының басшылары менен нәтийжели ушырасыўлар өткерди.
Саммит жуўмағында Биргеликтеги билдириў қабыл етилди, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарлары, соның ишинде, экономикалық тараўда 4,9 миллиард долларлық салмақлы келисимлер топламына қол қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы мәдений бағдарлама шеңберинде "Ас-Салом" сарай-музейиниң Кувейт халқының мәденияты ҳәм тарийхын сәўлелендиретуғын экспозицияларын көзден өткерди.
Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Ал-Кувейт халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Мийрасхор Шайх Сабоҳ ас-Сабоҳ ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласына жөнеп кетти.