Бул платформада ҳуқықый мәселелерге жуўап табыўға жәрдем бериўши жәрдемши чат-бот, ҳүжжетлерди юристтиң қатнасыўысыз, конструктор тийкарында еркин таярлаўға, экспертиза етип бериўге, берилген кейслерге ҳуқықый әмелиятты таллаў тийкарында жуўап бериўге мөлшерленген хызметлер жәмленген болып, оларды басқышпа-басқыш енгизиў үстинде жумыс алып барылмақта.
Ҳәзирги ўақытта платформаның ҳуқықый мәселелерге байланыслы сораўларға жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланған ҳалда Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасындағы ҳүжжетлер тийкарында онлайн жуўап бериўге мөлшерленген “LexAI” - жасалма интеллект жәрдеминде ҳуқықый мәселелерге жуўап табыўға жәрдемлесиўши чат-бот иске қосылды.
Бүгинги күнде Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында 48 мыңнан аслам ҳүжжет бар болып, соннан әмелдеги ҳүжжетлер саны 34 мыңнан, бир пүтин ҳүжжетлер саны 28 мыңнан, өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын ҳүжжетлер саны болса 5,7 мыңнан аслам.
“LexAI” чат-ботын жаратыўда ҳуқық ҳәм IТ тараўындағы тәжирийбели қәнигелер тәрепинен 5 айдан аслам ўақыт даўамында жумыс алып барылды ҳәм нәтийжеде бул чат-ботта әмелдеги 34 мыңнан аслам нормативлик түрдеги ҳүжжет, сондай-ақ, 604 миллионнан аслам белгилерден ибарат билимлер базасы оқытылды.
Чат-боттың тийкарғы функциялары ҳәм логикасы Open source дәреклерисиз ислеп шығылған.
Бул чат-бот келешекте Калл-орайларды автоматластырыў, веб-сайтларда виртуал жәрдемшилерди жаратыў имканиятын береди. “LexAI” чат-боты - бул тек ғана әпиўайы технология емес, ал турмысымызды жақсылаў имканияты.