Онда айтылыўынша, 2023-жылы қабыл етилген ҳүжжет жаңа басқышқа қәдем қоймақта: Ҳүкимет 2023-2025-жыллардың нәтийжелери тийкарында 2026-2030-жылларға мөлшерленген көрсеткишлердиң жаңаланған шеңберин таярлаў, онда өлшемлилик ҳәм есап бериўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Кейинги жылларда реформалар сезилерли нәтийже берди. Кәмбағаллық дәрежеси 11 проценттен 6,8 процентке түсип, жалпы ишки өним 140 миллиард долларға жетти, сырт ел инвестицияларының көлеми 2 еседен аслам көбейип, 42 миллиард долларға жетти. Жумыссызлық азайып, экспорт ҳәм туристлер ағымы артты.

"Өзбекстан - 2030" стратегиясы бес тийкарғы тийкарғы бағдар: турақлы экономикалық өсиў, инсан капиталын раўажландырыў, "жасыл" раўажланыў, заманагөй мәмлекетлик басқарыў, қәўипсизлик ҳәм суверенитетти тәмийинлеў әтирапында қурылмақта. Экономикада халықтың жан басына дәраматын 5 мың доллардан арттырыў, инфляцияны 5-6 процентке түсириў ҳәм мәмлекетлик қарызды жалпы ишки өнимниң 50 процентинен төмен услап турыў мақсет етип қойылған. Жеке меншик секторды раўажландырыў, банк системасын реформалаў ҳәм аўыл хожалығында өнимдарлықты арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Айрықша блок билимлендириў ҳәм инсан капиталы - жоқары билимлендириўди кеңейтиў, халықаралық шериклик, илимий-изертлеўлерди раўажландырыў, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларының инфраструктурасын жақсылаўға бағышланған. Экологиялық күн тәртибинде 2030-жылға барып үлеси 50 проценттен артыўы керек болған кең көлемли жасыл аймақлар, Аралбойын қайта тиклеў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерине жедел өтиў мәселелери бар.

Атап өтилиўинше, "пуқараларға хызмет ететуғын мәмлекет" қурыў - мәмлекетлик хызметлерди санластырыў, мәҳәллениң рольин күшейтиў ҳәм басқарыўдың ашық-айдынлығын арттырыў стратегияның әҳмийетли еэлементи болып есапланады. Соның менен бирге, санлы экономика ҳәм IТ-секторға, соның ишинде, тараўды раўажландырыў ҳәм IТ-хызметлер экспортын 5 миллиард долларға жеткериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Стратегияны әмелге асырыўдың баян етилген модельи анық KPI, раўажланыўдың санлы мониторинги ҳәм ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин, сондай-ақ, турақлы жәмийетлик есабатларды нәзерде тутады. Ҳәкимиятлардың атап өтиўинше, "Өзбекстан-2030" - бул декларация емес, ал халықаралық шериклик ҳәм инвестициялар ушын ашық болған әмелий жол картасы болып есапланады, деп хабар береди «Дунё» МА.