Қазақстанның "Казинформ" халықаралық мәлимлеме агентлигиниң мағлыўматына бола, Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы ҳүкимет делегациясы рәсмий сапар менен Иранда болды.
Тегеранда Иран биринши вице-президенти Муҳаммад Ризо Ареф ҳәм Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов арасында болып өткен ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы келешектеги бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Атап айтқанда, тәреплер өз-ара товар алмасыў көлемин 2 миллиард долларға жеткериў имканиятларын додалады. Усы мақсетте Өзбекстан ҳәм Иран транспорт-логистика тараўындағы көп жыллық машқалаларды шешиўге айрықша итибар қаратып, күшлерди бирлестириўге келисип алды.
Сондай-ақ, ушырасыў қатнасыўшылары санаат кооперациясын раўажландырыў, аймақлараралық байланысларды жеделлестириў, илим, билимлендириў, технологиялар ҳәм инновациялар тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў және туризм, мәденият ҳәм гуманитарлық тараўлардағы өз-ара байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан ҳәм Иран бизнес-форумы өткерилди. Илажда еки мәмлекет арасындағы товар айланысының 500 миллион долларға жеткени, қоспа кәрханалардың саны болса 210 нан артқаны атап өтилди.
Форумда бирге ислесиў потенциалы талланып, жаңа өсиў ноқатлары белгиленди. 1 миллиард долларлық жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларының портфельи қәлиплестирилди.