Мәмлекетимиз елшиси Равшан Усманов жаңадан тайынланған Уллы Британия Бас министриниң Өзбекстан бойынша саўда ўәкили лорд Жон Олдердис пенен ушырасыў өткерди.
Британия Бас министриниң Саўда ўәкиллери лаўазымы 2012-жылы енгизилген болып, бул орынға мәмлекет парламентиниң жетекши ўәкиллери тайынланады.
Саўда ўәкиллери тек ғана Бирлескен Патшалық пенен саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де раўажландырыў имканияты бар болған еллерге тайынланады ҳәм олардың тийкарғы жумысы усы тараўлардағы байланысларды күшейтиўге бағдарланады.
Атап айтқанда, саўда ўәкиллери Британия Саўда ҳәм бизнес министрлиги менен тығыз бирге ислесиўде жаңа базарларды ашыў, сырт еллерге бизнес миссияларын шөлкемлестириў ҳәм Британия ҳәм сырт ел исбилермен топарлары арасында байланысларды жеделлестириў мәселелери менен шуғылланады.
Сөйлесиў даўамында сырт ел тәрепи Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм соңғы жылларда республиканың саўда-экономикалық, сиясий, социаллық ҳәм мәдений тараўларда ерискен жетискенликлери менен толық таныстырылды.
Лорд Жон Олдердис Өзбекстанда жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерди унамлы баҳалап, рәсмий Лондонды Ташкент пенен барлық тараўларда байланысларын кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти.
Сөйлесиў ўақтында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық, билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ушын бар потенциалды жүзеге шығарыў бойынша сөйлесиўди даўам еттириў ҳаққында келисимге ерисилди.