Мәҳәлледе мыңнан аслам шаңарақ, жәми 3 мың 600 ден зыят халық жасайды.
Бул жерде әмелге асырылып атырған жойбарлар адамларға мүнәсип турмыс шараятын
жаратыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыўға қаратылған.
Әмелге асырылған "Ақыллы мәҳәлле" системасы пуқаралардың
мүрәжатларын жедел көрип шығыў, демографиялық мағлыўматлардың анық есабын
жүргизиў ҳәм санлы технологиялар жәрдеминде инфраструктураның жағдайын
қадағалаў, мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў имканиятын бермекте.
Социаллық
инфраструктураны жақсылаўға да айрықша итибар қаратылмақта. Инвестициялық
бағдарлама шеңберинде 4,5 миллиард сум қаржы есабынан 60 орынлық заманагөй
бақша пайдаланыўға тапсырылды. Футбол ҳәм воркаут майданшаларын қурыў ушын
жергиликли бюджеттен және 1 миллиард сум ажыратылды.
"Бир мәҳәлле
- бир өним" принципи шеңберинде халықтың дәраматын арттырыўда пал
ҳәррешилик тийкарғы бағдар сыпатында белгиленди. Ҳәзирги ўақытта мәҳәлледеги 20
дан аслам шаңарақ пал ҳәррешилик пенен шуғылланбақта. Бундай хожалықлардың
биреўинде 50 ден 100 ге шекем ҳәр жылы 1 тоннаға шекем пал алыў мүмкиншилиги
бар.
Мәмлекетимиз
басшысы усы мәҳәлледе жасаўшы Бахтияр Жумабаевтың шаңарағында болып, палды
қайта ислеў цехы ҳәм пал ҳәрре қутыларын таярлаў процеси менен танысты.
Бул жерде бир
мәўсимде 2 тонна қайта исленген пал сатылып, жылына дерлик 200 миллион сум
дәрамат алынып атыр. Устаханада жылына 250 ден аслам пал ҳәрре қутысы
таярланып, және 80 миллион сумға шекемги дәрамат алыў имканияты жаратылған.
Жылдың ақырына
шекем Пал ҳәррешилер ассоциациясы тәрепинен және 100 шаңарақта кооператив
тийкарында пал ҳәррешиликти жолға қойыў режелестирилген. Бул және де көп
шаңарақларды турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў имканиятын береди.
Президентимиз бул
жерде мәҳәлле белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар менен қызғын ҳәм мазмунлы
сәўбетлести.
Аралбойы регионын
раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыў мәмлекетлик сиясаттың
тийкарғы бағдарларынан бири екени атап өтилди. Мәҳәллелерде басланған
дөретиўшилик жумыслардың көлеми кеңейип, жеделлесиўи атап өтилди.