Магистратура қәнигеликлери бойынша Президент стипендиясы жеңимпазлары тастыйықланды

    Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Коллегия қарары менен 2024/2025-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура басқышының 20 студенти Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы таңлаўының жеңимпазы сыпатында тастыйықланды.

    Атап өтилиўинше, таңлаўда қатнасып, сыйлыққа миясар болмаған студентлер де тийисли ЖОО басшысы (ректор/директор) тәрепинен хошаметленеди.

    Сондай-ақ, Президент мәмлекетлик стипендиясы таңлаўында қатнасып, таңлаўдың сәўбетлесиў басқышына усыныс етилген, бирақ жеңимпаз болмаған талабанларға базалық стипендия муғдарының 5 есеси;

    - Президент мәмлекетлик стипендиясы таңлаўында қатнасып, таңлаўдың сәўбетлесиў басқышына усыныс етилмеген талабанлар болса, базалық стипендия муғдарының 3 есеси муғдарындағы бир мәртелик ақшалай қаржы менен сыйлықланады.

    Мағлыўмат ушын, быйылғы оқыў жылында магистратура қәнигелиги бойынша жәми 124 талабан талабанлардың ҳүжжетлери усынылып, 20 бағдарда таңлаўдың соңғы - сәўбетлесиў басқышына усыныс етилген 57 талабан менен өз алдына сәўбетлесиўлер өткерилди. Сәўбет нәтийжеси Арнаўлы таңлаў комиссиясы тәрепинен жасырын даўыс бериў жолы менен жеңимпазлар усынылды.

    Президент мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазларының дизими.