Махдум Әзам зыярат етиў орнын абаданластырыў жойбары усы жылдың март айында Самарқанд ўәлаятына сапары даўамында көрсетилген еди.

Ҳәзирги Косонсой районынан туўылған бул уллы тулға Нақшбандия тариқатының жетекши устазларынан бири болған. Ол жас ўақытларында Ферғанадағы медреседе билим алып, Самарқандта Хожа Аҳрар Валийдиң шәкирти болған Мәулана Мухаммед қазының қол астында пир дәрежесине ериседи. Соң тариқат илимине арналған 30 дан аслам шығармалар жазып, көплеген шәкиртлер жетистирген.

Бул алымға илимдеги хызметлери ушын Махдуми Әзам деген атақ берилген. Көп жыллар даўамында ағартыўшылық ҳәм руўхыйлық жолында хызмет етип, Самарқанд ўәлаятынан мәңгилик мәкан тапты.

Самарқанд ҳүкимдары Ялангтуш баҳадыр Махдум Әзамниң қәбири үстине қәбирхана қурдырып, бул жерде үлкен мешит ҳәм талабалар ушын медресе қурдырған. Ол қайтыс болғаннан соң, өзиниң ақырғы ўәсиятына бола усы жерге жерленди. Зыярат етиў орнында жәми 50 ден аслам қәбир таслар сақланып, олардың көпшилиги анықланған ҳәм белгили шахсларға тийисли. Бул жерде көплеген уламалар менен бирге Аўғанстанның еки ҳүкимдары Шаҳ Ҳидоят ибн Шаҳ Қосим (1668-жыл) ҳәм Шаҳ Саодат ибн Шаҳ Ҳидоят да жерленген.

Уллы ойшыл жерленген мақбарада жойбар шеңберинде кең көлемли реконструкция жумыслары әмелге асырылмақта.

Махдум Әзам мақбарасының улыўма майданы дерлик 5 гектарды қурайды. Бул жерге көплеген зыяратшылар келеди. Олар ушын шараятларды жақсылаў мақсетинде мақбара жанында үш қабатлы заманагөй автомобиль турыў орны, кириў дәрўазасы, асхана ҳәм ҳәкимшилик имаратлар, таҳоратхана, мың орынға мөлшерленген мешит ҳәм қосымша әйўанлар қурылмақта.

Реконструкция жумыслары жуўмақланғаннан соң, бир ўақыттың өзинде 35 мың зыяратшыны қабыллаў имканияты жаратылады. Бурын бул жерде тек ғана 5 мың адамды қабыллаў мүмкин еди.

Буннан тысқары, зыяратшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде аймақта абаданластырыў жумыслары алып барылып, 40 тан аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери шөлкемлестириледи.

Уллы ойшыл ҳүрметине пәтия оқылып, Қуран аятлары оқылды. Президентимиз комплекс аймағына нәл де отырғызды.

Зыярат етиў орнын және де абаданластырыў, бағқа көп әсирлик тереклер егиў, зыяратшыларға қолайлықлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.