Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 28-марттағы 244-санлы қарары менен тастыйықланған Ҳәкимшилик регламентке муўапық әмелге асырылады. Оған бола, нәўбетке қойыў процесинде төмендеги категориядағы балалар жеңиллетилген дизимге киргизиледи.
Соның ишинде, I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардың балалары, көп балалы шаңарақлардың перзентлери, жетим ямаса ата-ана қарамағынан айырылған балалар жеңилликке ийе есапланады.
Сондай-ақ, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген шахслардың балалары, "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" ҳәм "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақлардың перзентлери де усы дизимнен орын алған.
Буннан тысқары, "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген жалғыз баслы ҳаял-қызлардың балалары, шәртнама тийкарында хызмет етип атырған әскерлер, ишки ислер ҳәм бажыхана уйымлары хызметкерлериниң перзентлери, студентлер ҳәм педагоглардың балалары да жеңиллетилген категорияға киреди.
Аға-ини ямаса қарындаслары сол мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланып атырған балалар, сондай-ақ, қәнигелестирилген МБШдан саўалып, улыўма түрдеги бақшаға өткерилип атырған балалар ушын да үстинлик бериледи.
Әҳмийетли тәрепи сонда, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине нәўбетке қойылмастан жайластырылады. Бунда жайластырыў "Инсан" социаллық хызметлер орайларының социаллық хызметкерлери ямаса баланың нызамлы ўәкиллери арқалы тиккелей әмелге асырылады.
Бул жеңилликлер социаллық қорғаўға мүтәж балаларды биринши гезекте қамтып алыў, шаңарақ шараяты аўыр болған балалар ушын теңдей имканият жаратыў ҳәм мәмлекетлик қоллап-қуўатлаўды анық жәрдемге мүтәж категорияларға бағдарлаўды мақсет еткен.