баннер
10 Apr 2025
15:46

    Малайзия туристлик компаниялары менен биргеликте жаңа "Умра плюс" жөнелислери ислеп шығылады

    Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев Өзбекстанның Куала-Лумпурдағы елшиханасында Малайзия туризм ассоциациялары, атап айтқанда, Ислам туризм орайы (ITC), Малайзиядағы Бумипутера туроператорлары ассоциациясы (BIMUTRA), Умра ҳәм Ҳаж саяхатлары бойынша мәмлекеттиң жетекши туркомпаниялары ўәкиллериниң қатнасыўында шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде қатнасты.

    Ушырасыўда Өзбекстанда зыярат туризмин раўажландырыўға айрықша итибар қаратқан ҳалда өз-ара туристлер ағымын көбейтиў мәселелери додаланды.

    Сөйлесиўлер шеңберинде Малайзия халқы ушын "Умра плюс" пакетлерин шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў, сондай-ақ, трансшегаралық жөнелислерди енгизиў ҳәм табыслы тәжирийбелер бойынша пикир алмасылды.

    Дөгерек сәўбети жуўмағында Малайзия туризм секторы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын Өзбекстанға инфо-турлар шөлкемлестириў, сондай-ақ, Малайзия тәрепиниң қатнасыўында жаңа туризм бағдарламалары ҳәм "Умра плюс" маршрутларын ислеп шығыў бойынша келисимлерге ерисилди, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech