Малайзияға рәсмий сапар жуўмақланды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Малайзияға рәсмий сапары шеңбериндеги илажлар жуўмақланды.

    Бүгин Куала-Лумпур қаласында Президентимиз Бас министр Анвар Иброҳим менен нәтийжели сөйлесиў өткерди.

    Саммит жуўмағында Келешек әўладлар ушын стратегиялық шериклик жолында еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў ҳаққында биргеликтеги билдириўге қол қойылды ҳәм бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы тараўларында салмақлы келисимлер топламы қабыл етилди.

    Мәмлекетимиз басшысы ҳәм Малайзия Бас министри бизнес форумда қатнасып, "Petronas" компаниясының президенти менен ушырасты.

    Мәдений бағдарлама шеңберинде Өзбекстан жетекшиси Малайзия ислам көркем өнери музейине барды.

    Илажлар жуўмақланғаннан соң, Куала-Лумпур халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Малайзия билимлендириў министри Замбри Абдулқодир ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.

    Президентимиз Ташкентке жөнеп кетти.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates