Елимиз мектеплерин питкериўши ул-қызларымызға

    Бәринен бурын, сиз, әзизлерди өмириңиздеги бүгинги умытылмас қуўанышлы ўақыя - мектеп билимлендириўин табыслы тамамлап, жетиклик аттестатын қабыл етип атырғаныңыз ҳәм еркин өмирге қәдем таслап атырғаныңыз бенен қызғын қутлықлайман.

    Усы қуўанышлы әййямда мәмлекетимиздеги 10 мыңнан аслам мектепте меҳрибан устазлар, ҳүрметли ата-аналардың қатнасыўында «соңғы қоңыраў»лар жаңлап, 450 мыңнан аслам питкериўши жасларымыздың ҳүрметине жақсы тилеклер билдирилмекте.

    Ҳәммемиз бул пикирлерге шын кеўилден қосылған ҳалда, үлкен арзыў-нийетлер менен келешек режелерин дүзип атырған ул-қызларымызға оларды әмелге асырыўда үлкен күш-ғайрат, әўмет ҳәм табыслар тилеймиз.

    Әсиресе, мектепти алтын медаль менен питкерип атырған 11 мың 500 ден аслам перзентлеримизге, 2 мыңнан аслам гүмис медаль ийелерине оқыўда ҳәм изленисте, жәмийетлик жумысларда өз заманласларына бәрқулла өрнек ҳәм үлги болып киятырғаны ушын айрықша қутлықлаў ҳәм тилеклеримизди билдиремиз.

    Әзиз питкериўши жаслар!

    Бүгинги күнде биз өз алдымызға қойып атырған уллы мақсетлерди әмелге асырыўда пүткил халқымыз қатарында, билимли, өнерли, исбилермен ҳәм ўатанын сүйиўши, ҳәр тәреплеме жетик жасларымызға сүйенемиз.

    Келешегимиз ийелери болған нәўқыран әўладымыз Жаңа Өзбекстанды қурыўда үлкен дөретиўши күш сыпатында қатнасыўы ушын зәрүр шараятларды жаратып бермектемиз. Соның ишинде, сизлердиң заманагөй илим ҳәм кәсип-өнерлер, ана тили менен бирге шет тиллерин, IT ҳәм инновациялық технологияларды, дөретиўшилик ҳәм исбилерменлик тараўларын пуқта ийелеўиңиз ушын ҳәзирги күнде 201 жоқары оқыў орны, 598 техникум, көплеген моноорайлар ҳәм технопарклер, китапханалар, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт мәкемелери жемисли жумыс алып бармақта.

    Билимлендириўдиң барлық буўынларында оқыў-тәрбия жумысларының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, питкериўши жасларымызға таңлаў имканиятларын кеңейтиў ушын жаңадан-жаңа система ҳәм бағдарламалар, электрон платформалар иске қосылмақта.

    Сизлер әне, усындай шексиз имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, жаслықтың алтынға тең ҳәр бир минутын қәдирлеп, келешекте Ўатанымыз ғәрезсизлигин, ел-журтымыз мәплерин барлық тараўларда исенимли қорғайтуғын жетик кадрлар, саналы ҳәм уллы инсанлар болып, халқымызға шын кеўилден хызмет етесиз, деп исенемен.

    Соны ҳасла умытпаң, инсан өмирде мүнәсип орын табыўы, ел-журттың ҳүрмети ҳәм итибарына ийе болыўы ушын миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды ийелеп, бәрқулла алға умтылып жасаўы, излениўден ҳәм үйрениўден ҳасла тоқтамаўы керек.

    Ҳадал ҳәм машақатлы мийнет, илимге, кәсипке, ата-ана ҳәм шаңараққа садықлық инсанды раўажландырып, оның өмирин пайызлы ҳәм жарқын ететуғынына гүман жоқ.

    Әсиресе, сизлер сыяқлы нәўқыран, күш-ғайратлы жасларымызға ҳәзирги жедел заманнан ибрат алып, ҳәр күни бир нәтийжеге ерисип, ерк-ықрарыңызды сынақларда таплап, тек ғана алға илгерилеў жарасады.

    Сизлердиң жаңа идея ҳәм басламаларыңыз, түрли тараўлардағы жетискенликлериңиз Жаңа Өзбекстанды және де қүдиретли ететуғын материаллық ҳәм руўхый тийкарларды жаратыўға шексиз үлес болып қосылатуғынына исенемен.

    Сизлердей өз күшине исенген, исенимли жаслардан қәдирдан мектебиңиз, әзиз устазларыңыз ҳәм ата-аналарыңыз, пүткил халқымыз тек ғана ийгиликли ислер ҳәм айқын нәтийжелер күтеди.

    Мине, усындай жоқары исенимге бәрқулла мүнәсип болың!

    Умтылыў, излениў ҳәм жаңалық жаратыўдан ҳеш қашан шаршамаң!

    Еркин өмирге қарай туңғыш қәдемлериңиз қутлы болсын, әзиз ул-қызларым!

    Шавкат Мирзиёев,

    Өзбекстан Республикасы Президенти


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates