Уллы байрам - Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы менен үнлес өтип
атырған Билимлер күни менен бәршеңизди шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Усы қуўанышлы күнде қызығыўшылық ҳәм толқынланыў, үлкен арзыў-нийетлер
менен биринши мәрте мектеп босағасын атлап атырған 800 мыңға шамалас
ул-қызларымызға, олардың ата-аналары ҳәм педагог жәмийетшилигине ең жақсы
тилеклеримди билдиремен.
Жаңа оқыў жылы елимиздиң пүткил билимлендириў системасында, мектеп,
лицей, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларының турмысында жаңа ағартыўшылық раўажланыў
жылы болсын!
Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!
Кейинги жылларда тәлим-тәрбия тараўында әмелге асырылып атырған кең
көлемли реформалар нәтийжесинде Жаңа Өзбекстан мектеплери түп-тийкарынан
өзгерип, жаңа көриниске ийе болмақта, билимлендириўдиң сапасы артпақта.
Мине, усындай
орталықта өсип-өнип, оқыўдағы, кәсип-өнер ийелеўдеги, IТ тараўындағы,
дөретиўшилик, спорт, жәмийетлик жумыслардағы дәслепки жетискенликлери менен
ата-аналары ҳәм устазларын қуўандырып атырған перзентлеримиз - бул бизиң гөззал
келешегимиз, алтын фондымыз болып есапланады.
Биз жылдан-жылға
көбейип атырған мине усындай билимли, күш-ғайратлы ҳәм умтылыўшаң жасларымыздың
тымсалында Үшинши Ренессанс нәтийжелерин көрмектемиз. Ҳәммемиздиң муқаддес
ўазыйпамыз - оны тамыры беккем теректей, раўажланыўымыздың исенимли таянышына
айландырыўдан ибарат.
Әлбетте, биз
бундай уллы мақсетлерге ерисиўде беккем тийкар болып хызмет ететуғын
тәлим-тәрбия тараўын раўажландырыўға буннан былай да тийкарғы әҳмийет
қаратамыз. Мектепти питкерип, үлкен өмирге кирип киятырған ул-қызларымыздың
терең билим менен бирге, кеминде бир заманагөй кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық
шараятларды жаратамыз. Буның ушын аймақларда "кәсиплер қалашасы"н
шөлкемлестирип, алдынғы тәжирийбелерди енгиземиз ҳәм жетик қәнигелерди тартамыз.
Әзиз
перзентлерим, сизлерди бахытлы ҳәм абадан турмысқа алып шығатуғын, қыйын
сораўларға жуўап табыўға, өмир жолыңызда ушырасатуғын сынақ ҳәм қыйыншылықларды
мүнәсип жеңип өтиўге жәрдем беретуғын гилт - бул билим ҳәм тек ғана билим.
Гөззал жаслықтың
ҳәр бир минутын қәдирлең, жаңа билим, инновациялар, кәсип ҳәм өнерлерди пуқта ийелең,
ана тилимизди, бай тарийхымыз ҳәм мәдениятымызды, жәҳән тарийхы ҳәм шет
тиллерин терең үйрениң. Бунда тоқтамаң, үзликсиз излениўде болың.
Ата-бабаларымыздан
мийрас болып киятырған бул муқаддес жерди шын жүректен, пүткил кеўлиңиз бенен
сүйиң, Ўатаныңызға, халқыңызға ҳәмийше садық болың!
Билип қойың, бул
жолдағы ең жақын досларыңыз, мәсләҳәтшиңиз - меҳрибан устаз ҳәм ата-анаңыз!
Жаңа оқыў жылы сизлер ушын "айрықша" баҳалар менен баслансын, ҳәр оқыў шерегин табыслы жуўмақлаң. Сизлерге саламатлық ҳәм әўмет тилеймен.
Бәршеңизди
Билимлер күни менен қутлықлайман, әзиз балаларым!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан
Республикасы Президенти