Бул ҳаққында МҒКАда Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәлимлеме хызметиниң басшысы Саодат Боймирзаева қатнасыўында өткерилген брифингте мәлим етилди.

Атап өтилиўинше, ҳәптелик шеңберинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, экономикалық, социаллық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке кеңнен тартыў, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған медиа таңлаўлар ҳәм илажлар өткериў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, узақ жыллар министрликлер ҳәм уйымларда жумыс ислеген нураный аналар, "Ҳаял-қызлар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери"не киргизилген ҳаял-қызлардың "Жаңа Өзбекстан бағы" ҳәм музейлер, тарийхый орынлар, естеликлер, зыярат етиў орынлары, театр, концерт, кино, кеўилашар орынларға жеңиллетилген тийкарда сапарлары шөлкемлестириледи.

Социаллық тармақларда жаслардың қатнасыўында "Ҳаялды қәдирлеў - жақсылық ҳәм әдиллик өлшеми", "Ана - меҳир булағы", "Мен анам менен мақтанаман", "Журт раўажланыўына мениң үлесим" темаларында флешмоб ҳәм челленжлер және "Ҳәмийше итибардасаңыз!" сүрени астында "Медицина автобуслары" шөлкемлестириледи ҳәм мәҳәллелерде социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериледи.